Елимиздиң баспасөз бетлеринде, социаллық тармақлар ҳәм информациялық сайтларда хабар берилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Америка Қурама Штатларының Нью-Йорк қаласында Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясы 75-сессиясының жоқары дәрежедеги улыўма сиясий сөйлесиўлеринде қатнасты. БМШ Бас Ассамблеясының бул жоқары дәрежедеги сиясий форумы БМШ тарийхында биринши рет видеоәнжуман түринде болып өтти.

Мәмлекетимиз Президенти усы сессияда шығып сөйлеп, халықаралық жәмийетшилик итибарына аймақлық ҳәм глобаллық әҳмийетке ийе болған мәселелер бойынша өзиниң көзқарасын усыныў менен бирге, Өзбекстанды сиясий, социаллық ҳәм экономикалық раўажландырыўдың ең тийкарғы бағдарларын белгилеп берди. Елимиз басшысы ең алды менен, Бас Ассамблеяның сессиясында қатнасқан мәмлекетлердиң дыққат итибарын пүткил дүнья халқын қәўетерге салып атырған коронавирус инфекциясының тарқалыўына биргеликте қарсы гүресиў, оның унамсыз ақыбетлерин жеңип өтиў, дүнья жүзи халықларына инфекцияның қәўип туўдырыўының алдын алыў илажларын көриў мәселелерине тоқтап өтти.

Сондай-ақ, сессияда Президентимиз ҳәзирги жағдайда аймақларда ҳәм жер жүзинде биринши гезекте тынышлық ҳәм турақлылықты беккемлеў, турақлы раўажланыў, инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеў, конструктив сөйлесиўлерди кеңейтиў, соның менен бирге, климат өзгериўи, азық-аўқат қәўипсизлиги машқаласы, кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери сыяқлы қәўип-қәтерлерге қарсы қаратылған бир қатар әҳмийетли ҳәм зәрүрли басламаларды дүнья жәмийетшилиги талқылаўына қойды.

Бирлескен Миллетлер Шөлкеми дүзилгенли ҳәм Өзбекстан оған ағза болғаннан берли Өзбекстан Республикасы Президентиниң БМШ сессиясында мәмлекетлик тилде – өзбек тилинде шығып сөйлеўи, тек ғана мәмлекетимиз емес, ал, дүнья көлеминде болып өтетуғын Өзбекстанның «ренессанс» алтын дәўириниң тарийхый ўақыясы болып қалады. Жеке мен ушын ҳүрметли Президентимиздиң БМШ сессиясы минберинде өз ана тилинде шығып сөйлеўи оның өз халқына терең ҳүрмети, халықшыллығы деп билемен.

Президентимиздиң бул сессияда қатнасыўын ҳәм шығып сөйлеўин халқымыз үлкен қуўаныш пенен күтип алды. Ең әҳмийетлиси, халқымыз өз Президентине исенеди ҳәм оны қоллап-қуўатлайды. Себеби, Елимиз басшысының шығып сөйлеўи ҳәм Бас Ассамблея сессиясында қабыл етилетуғын ҳәр бир халықаралық ҳүжжет дүнья жүзинде тынышлық ҳәм турақлылықты беккемлеўге, елимиздиң раўажланыўына, халықтың абаданлығы, саламатлығын тәмийинлеўге хызмет етеди.

 

    Х.ҚАБУЛОВ,

Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен юрист, юридика илимлери кандидаты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги