Халық депутатлары Тақыятас районлық Кеңесиниң депутаты Азат Матмуратов усы райондағы «Орайлық» МПЖда жасайтуғын екинши топар майыбы, нураный Е.Матжановқа жәрдем көрсетти.

Нураний Егенбай ата Матжанов 1980-1985-жыллары «Тақыятас дән өнимлери» кәрханасында жумыс ислеген. Ол кәрханадағы станокта жумыс ислеп атырғанында жарақат алып, соннан берли үйинде, мәмлекет тәрепинен берилетуғын майыплық напақа менен күн көреди.

– Өмирлик жолдасым ҳәм бир перзентим менен еки бөлмели үйде жасайман. Жаўын–шашынлы күнлерде жайдың төбесинен суў өтип, көп қыйналамыз. Өз күшимиз менен оңлаўға шамамыз жетпеди,-дейди Е.Матжанов. – Халық ўәкиллери болған депутатлар өз ўәкиллиги шеңберинде  пуқаралардың мәпи, халқымыздың абадан жасаўы ушын ҳәрекет етпекте. Депутат А.Матмуратов мениң менен жүзбе-жүз сәўбетлесип, жасаў шараятларым менен танысып, машқалаларымды үйренди.

Сораўым бойынша жәрдем берип, өзи басшылық ететуғын абаданластырыў бөлими хызметкерлери менен бирге жайдың басын шиферлап берди. Бул ушын үлкен миннетдаршылық билдиремиз.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги