Усы жылдың 23-сентябрь күни Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 75-сессиясы мәжилиси коронавирус пандемиясы жағдайында онлайн режиминде өткерилди.

Бул мәжилисте мәмлекетимиз Президенти Ш.М.Мирзиёев Өзбекстан басшылары арасында биринши мәрте өзбек тилинде баянат жасады. Бул факттиң өзи миллий тиклениўден миллий раўажланыўға қарай бағдар алған көп миллетли Өзбекстан халқының кеўил кейпиятын көтерди. Президентимиз өзиниң баянатында бүгинги қәўетерли ҳәм қурамалы болған жағдайда жер жүзиндеги барлық мәмлекетлер ҳәм халықлар өз-ара тығыз байланыслы екенлигин, бундай шараятта өз-ара исеним ҳәм жақын қарым-қатнас жүдә әҳмийетли екенлигине дыққат аўдарды. Ол өз сөзинде ең әҳмийетли болған бир қанша усынысларды билдирди. Атап айтқанда – БМШ басшылығында пандемиялар дәўиринде мәмлекетлердиң ықтыярый миннетлемелери туўралы халықаралық кодексти ислеп шығыў усыныс етилди; БМШ бас секретары Антониу Гутерриш мырзаның бүгинги кризис жағдайында азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўдиң әҳмийетли машқалаларына бағышланған саммитин өткериў бойынша усынысы мақулланды; Жаслар ҳуқықлары туўралы БМШ конвенциясын қабыл етиў бойынша Өзбекстанның басламасын қоллап-қуўатлаўға шақырды; Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў ҳәм инсан ҳуқықларын тәмийинлеўде парламентлердиң ролин көтериў туўралы БМШ Бас Ассамблеясының арнаўлы резолюциясын қабыл етиў усыныс етилди; БМШ басшылығында Транспорт-коммуникация байданысларын раўажландырыў бойынша аймақлық орай ашыў усыныс етилди; Аймақлық бирликтеги жобаның 10 жыллық нәтийжелери ҳәм келеси раўажланыўларға бағышланған халықаралық конференция өткериў усыныс етилди; 2021-жылы ЮНЕСКО менен биргеликте әййемги Хийўа қаласында «Орайлық Азия дүнья цивилизациялары кесилиспесинде» деген темада халықаралық форум өткериўге Өзбекстанның таяр екенлиги билдирилди; БМШ жанында аўған халқының дәрт-тәшўишлерин тыңлайтуғын, турақлы хызмет көрсететуғын комитет шөлкемлестириў усыныс етилди; Арал бойы регионын экологиялық инновация ҳәм технологиялар аймағы деп жәриялаў ҳаққында БМШ Бас Ассамблеясының арнаўлы резолюциясын қабыл етиў усыныс етилди. Сондай-ақ, усы әҳмийетли ҳүжжет тастыйықланған сәнени «Халықаралық экологиялық системаларды қорғаў ҳәм тиклеў күни» ретинде белгилеў мақсетке муўапық екенлиги атап өтилди; Жарлылықты сапластырыў ҳәм кәмбағаллыққа қарсы гүрести БМШ Бас Ассамблеясының гезектеги сессиясының тийкарғы темаларының бири ретинде белгилеў ҳәм усы мәселелерге бағышланған глобал саммит өткериў усыныс етилди; Өзбекстан жер жүзиниң барлық мәмлекетлери менен кең көлемли ҳәм өз-ара пайдалы шерикликти, БМШ ҳәм оның институтлары менен әмелий бирге ислесиўди  раўажландырыў ушын бәрқулла таяр екенлиги мәлим етилди.

БМШ Бас Ассамблеясында Президентимиз тәрепинен билдирилген бул усыныслар дүнья жүзинде парахатшылықты сақлаў, бүгинги қурамалы жағдайда бирге ислесиўди жақсылаў нәтийжесинде және де раўажланыўға ерисиў ушын оғада әҳмийетли. Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң 72-сессиясында шығып сөйлеген сөзинде Арал теңизиниң картасын қолына услап турып бул экологиялық жағдайға дүнья жәмийетшилигиниң дыққатын аўдарған еди. Нәтийжеде Арал бойы регионындағы жағдайды жумсартыў бойынша траст фонд дүзилди. Өзиниң шығып сөйлеўинде де усы мәселеге және де айрықша дыққат аўдарып Арал бойы регионын экологиялық инновация ҳәм технологиялар аймағы деп жәриялаў ҳаққында айрықша тоқтап, дүнья жәмийетшилигиниң дыққатын Қарақалпақстан халқы ушын ең әҳмийетли болған бул мәселеге қаратты. Бул пуқта ойланылған усыныслар БМШ ҳәм жер жүзи шериклиги тәрепинен қоллап-қуўатланады, Арал бойы экологиялық жағдайын жақсылаўға бағдарланған журт басшысымыз басшылығында әмелге асырылып атырған жумыслар, Аралдың қурыған ултанындағы 2 000 000 гектар жерге шөлге шыдамлы дарақлар егиў, дузлы қумлардың көшип-қоныўының алдын алыў, сондай-ақ келешекте бул аймақтың флора ҳәм фаунасының өзгериўи нәтийжесинде мал шарўашылықты раўажланыдырыўға бағдарланған ийгиликли ислердиң раўажланыўына өзиниң тәсирин тийгизетуғынына исенемиз.

 

Шамшетдин АБДИНАЗИМОВ,

Қарақалпақ мәмлекетлик университети профессоры, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты

Қарақалпақстан хабар агентлиги