2020-2021-оқыў жылында Мойнақ районынан 20 жас Ташкент информациялық технологиялар университетиниң Нөкис филиалы бакалавриатына мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға қабыл етилетуғын болды.

New Muynak City  телеграм каналында мәлим етилиўинше, Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыл етиў бойынша Мәмлекетлик комиссия мәжилисиниң билдириўине муўапық, Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасының усынысына тийкарланып Қарақалпақстан Республикасы  Мойнақ районының информация технологиялары тараўы бойынша жоқары мағлыўматлы кадрларға болған  талабын қанаатландырыў мақсетинде 2020-2021-оқыў жылында Ташкент  информациялық технологиялар университетиниң Нөкис филиалы бакалавриатына белгиленген грант тийкарындағы қабыллаў көрсеткишлерине қосымша түрде Мойнақ районы ушын бакалавриат  тәлим бағдарлары кесиминдеги мақсетли қабыллаў параметрлери тастыйықланды.

Абитурентлер топлаған балларға муўапық, баллар избе-излилигине қатаң әмел еткен ҳалда таңлаў нәтийжелерине көре 20 район жаслары мәмлекетлик грант тийкарында  студентликке усынатуғыны белгиленген.

 

ӨзА