Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев мәмлекетимизде халықтың саламатлығын беккемлеў ҳәм қәўипсизлигин арттырыў, экологиялық тынышлықты тәмийинлеў, шығындыларды қайта ислеў системасын жетилистириў мәселелери бойынша 10-август күни мәжилис өткерди.

Видеоконференцбайланыс түринде өткен илаждың басында мәмлекетимиз башысы коронавирус пандемиясы менен байланыслы жағдайға тоқтап өтти. Атап айтқанда, барлық аймақларда емлеў орынлары ҳәм медициналық үскенелердиң саны бир неше есеге көбейтилгени, тез медициналық  жәрдем ҳәм емлеў сапасы жақсыланғаны нәтйжесинде соңғы бир ҳәптеде мәмлекетимиз бойынша коронавирустан тәўир болыў көрсеткиши артқаны атап өтилди. Пуқаралардың турмысын ҳәм денсаўлығын қорғаўды буннан былай да  күшейткен ҳалда, пандемия шараятында жасаў ҳәм ислеўди даўам етиў, карантин талапларын басқышпа-басқыш жумсартыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Мәмлекетимизде экологиялық қәўипсизликти тәмийинлеўге әҳмийетли сиясий мәселе сыпатында қаралмақта. Арал теңизиниң қурыған түбинде тоғайлықлар пайда етип, Аралбойындағы қала ҳәм районларды раўажландырыўға қаратылған бағдарламалар жедел әмелге асырылмақта. Қоршаған-орталықты  ҳәм халықтың саламатлығын қорғаў мәқсетинде шығындыларды жыйнаў ҳәм қайта ислеў бойынша избе-из жумыслар алып барылмақта. Әсиресе, ҳәзирги пандемия шараятында бул мәселелер және де үлкен әҳмийетке ийе.

– Шығынды системасын тәртипке салыў – турмысымыз, денсаўлығымыз ушын ең әҳмийетли ўазыйпалардан бири. Бул инсанның саламатлығы ҳәм қәўипсизлиги, миллет келешеги менен байланыслы әҳмийетли мәселе, – деди Президент Шавкат Мирзиёев.

Соңғы үш жылда шығындыларды басқарыў тараўына бюджеттен ажыратылған 390 миллиард сум есабынан 742 арнаўлы техника сатып алынған, 204 полигон модернизацияланған.

Сын көзқараста болып өткен мәжилисте тараўда машқалалардың еле көп екенлиги көрсетип өтилди. Мысал ушын, Избасқан, Ғузор, Чуст, Бувайда, Үргит ҳәм Шаҳрихон районларында тазалаў хызметиниң көлеми республикалық көрсеткиштен 2 есе төмен. Ташкент ўәлаятында бюджет есабынан алынған 32, Қашқадәрьяда 23 арнаўлы техника талан-тараж етилген. «Таза аймақ» кәрханаларының дебитор қарыздарлығы жоқары.

Усы жыл март айында өткерилген мәжилисте тараўдағы жумыслар сынға алынып, тийисли тапсырмалар берилген еди. Бүгин олардың орынланыўы көрип шығылды, қосымша ўазыйпалар белгиленди.

Ҳәзирги күнде санитар тазалаў хызметлери менен халықты қамтып алыў дәрежеси 66 процентти қурайды. Мәжилисте жылдың ақырына шекем бул көрсеткишти 90 процентке жеткериў, тараўға жеке меншик кәрханаларды кеңнен тартыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Шығындыларды қайта ислеўди тәртипке салыў бойынша 14 аймақтағы районлар кесиминде айрықша қарарлардың қабыл етилиўи және олардың орынланыўы бойынша қадағалаў системасы жолға қойылыўы белгиленди.

Мәмлекетлик емес сектор шығындыларды жыйнаў ҳәм қайта ислеўде жақсы нәтийже бермекте. Қай жерде усындай кәрханалар ислеп атырған болса, хызмет сапасы да жоқары, халық та разы. Мысал ушын, «Био Техно Эко» компаниясы 6 миллион доллардан зыят кредит есабынан 78 арнаўлы техника ҳәм үскенелер сатып алып, Термиз қаласы, Термиз ҳәм Ангор районларындағы 285 мың халыққа тазалаў хызметин көрсетпекте.

Орынларда усындай жойбар ислеймен, деген исбилерменлер көп. Соннан келип шығып, жуўапкерлерге Қарақалпақстан ҳәм ўәлаятларда мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында улыўма 31 кластер шөлкемлестириў бойынша көрсетпе берилди.

Бул жойбарлар есабынан турмыслық шығындыларды қайта ислеў дәрежесин жыл ақырына шекем 25  процентке шекем, 2021-жылда кеминде 35 процентке жеткериў зәрүр екенлиги белгиленди.

Санитариялық-эпидемиологиялық талапқа жуўап бермейтуғын 51 шығынды полигонын оптималластырыў, буннан тысқары, қурылыс шығындылары ушын 26 полигон және оларды қайта ислеўши кластерлер шөлкемлестириў әҳмийетли екенлиги айтылды.

Мәжилисте халықаралық финанс шөлкемлеринен тартылған қаржылардың нәтийжелилиги де додаланды.

Жуўапкерлерге усы қаржылар есабынан басланған жойбарларды жеделлестирип, қысқа мүддетлерде пайдаланыўға тапсырыў бойынша көрсетпелер берилди. Мәмлекетимиз басшысы тараўды үнемлейтуғын техникалар менен тәмийинлеў әҳмийетли екенлигин атап өтти.

Додалаўда экологиялық қадағалаўды күшейтиў мәселесине де айрықша итибар қаратылды.

Айырым заводлар ҳаўаға нормадан зыят тасланды шығарып, қоршаған-орталыққа унамсыз тәсир көрсетпекте. Бундай жағдайлар пуқаралардың  хақылы түрдеги наразылықларына себеп болмақта.

Сонлықтан Экология ҳәм қоршаған-орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитетине ҳаўаның патасланыўын тез таллайтуғын мобиль лабораториялар менен ҳәр бир аймақты тәмийинлеў тапсырмасы берилди. Бас министрдиң орынбасарына қоршаған-орталыққа жоқары ҳәм орта қәўипли 240 ири санаат кәрханасында заманагөй локал тазалаў объектлерин орнатыў ҳәм барларын модернизациялаў бойынша бағдарлама ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.

Мәжилисте Экология ҳәм қоршаған-орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитетиниң баслығы және ўәлаят ҳәкимлериниң есабаты тыңланды.

b379e9a7-9b40-49b9-5b0e-7903e5e2fab7.jpg

a9ad8907-08fd-c142-83c4-ee485612ce9d.jpg

 

ӨзА