4-август күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоеваның Түркия Республикасы Уллы Миллет Мажлисиниң Баслығы Мустафа Шентоп пенен телефон арқалы сөйлесиўи болып өтти. Бул ҳаққында Сенаттың мәлимлеме хызмети мәлим етти.

Еки ел парламентлериниң басшылары пүткил мусылман дүньясының шадлық ҳәм шүкиршилик, қайыр-сақаўат ҳәм жақсылық әййямы болған Қурбан ҳайыты мүнәсибети менен шын жүректен жақсы тилклер билдирди.

Түркия Республикасы Уллы Миллет Мажлисиниң Баслығы Мустафа Шентоп коронавирус пандемиясын тезирек жеңиўди тилеп, бул бойынша Түркия Өзбекстанға жәрдем бериўге таяр екенин мәлим етти.

Тәреплер мәмлекетлер президентлери басшылығында жоқары дәрежедеги турақлы сөйлесиўлер ҳәм тығыз қатнасықлардың алып барылып атырғаны нәтийжесинде барлық тараўлар қатарында парламентлер аралық бирге ислесиўдиң жаңа басқышқа көтерилип атырғаны ҳаққында сөз етти.

Еки ел парламентлери арасында қол қойылған бирге ислесиў ҳаққындағы меморандум өз-ара байланыслардың шәртнамалық-ҳуқықый тийкарын жаратыў менен бирге әмелий илажлар көриўди талап ететуғынына тоқтап өтилди.

2020-жыл февральда болып өткен Өзбекстан Президентиниң Түркияға сапары шеңберинде тарийхта биринши мәрте ең уллы форматтағы, яғный еки мәмлекет басшыларының бирге басқарыўындағы жоқары дәрежедеги Өзбекстан-Түркия стратегиялық бирге ислесиў кеңесиниң дәслепки мәжилисиниң жуўмағы бойынша ерисилген келисимлерди әмелге асырыўда өз ўәкилликлери шеңберинде парламентлер де мүнәсип үлесин қосыўы керек екенлиги атап өтилди.

Буннан тысқары, қәлиплестирилген дослық топарлары тәрепинен парламентлер аралық бирге ислесиў бағдарында пикир алысылып атырғаны, Олий Мажлис жанындағы Нызамшылық машқалалары ҳәм парламентлик изертлеўлер институты менен Түркия Уллы Миллет Мажлисиниң Изертлеў орайы арасындағы байланысларды буннан былай да раўажландырыў зәрүрлиги атап өтилди.

Сөйлесиў дослық ҳәм қызғын руўхта өтти.

 

ӨзА