Өзбекстан Республикасы Жоқары суды пленумының мәжилиси болып өтти.

Видеоконференцбайланыс түринде өткерилген мәжилисте судьялар, сенаторлар, депутатлар, тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллери, ҳуқық қорғаў уйымларының жуўапкер  хызметкерлери қатнасты.

Жоқары судтың баслығы К.Комилов басқарған мәжилисте Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен суд системасында тарийхый реформалар әмелге асырылғаны атап өтилди.

Бул инсан ҳуқықларын қорғаў, пуқаралардың судқа болған исенимин арттырыўға хызмет етпекте.

Мәмлекетимиз басшысының Парламентке жоллаған Мүрәжатында пуқаралардың әдил судлаўға ерисиў дәрежесин жоқарылатыў, жумысларды судта көриў сапасын арттырыў және қалыс, әдил ҳәм нызамлы суд қарарларын қабыл етиў ушын тәреплердиң теңлигин ҳәм тартысыўшаңлығын әмелде тәмийинлеў механизмин енгизиў атап өтилген еди.

2020-жыл 24-июльдеги «Судлардың жумысын буннан былай да жетилистириў ҳәм әдил судлаўдың нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы Президент пәрманында әйне усы мәселелердиң әмелий көриниси сәўлеленди.

Пәрманда нәзерде тутылған жаңа имканиятлардың толық турмысқа егизилиўи пуқаралар, исбилерменлик субъектлери ҳәм инвесторладың әдил судлаўға ерисиўи ушын кеңнен жол ашады.

Мәжилисте пәрманның орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде ислеп шығылған Жоқары суд пленумының «Судлардың жумысын буннан былай да  жетилистириў ҳәм әдил судлаўдың нәтийижелилигин арттырыўға байланыслы қосымша  илажлар ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.

photo_2020-07-29_17-38-57.jpg

photo_2020-07-29_17-38-54.jpg

photo_2020-07-29_17-38-55.jpg

 

Н.АБДУРАИМОВА,

ӨзАның хабаршысы