Бизге белгили, соңғы күнлерде социаллық тармақлар ҳәм сайтларда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязовтың денсаўлығы менен байланыслы тийкарсыз хабарлар тарқалды.

Ҳақыйқатқа туўра келмейтуғын хабарды тарқатқан дәректи анықлаў мақсетинде прокуратура уйымлары тәрепинен әмелге асырылған үйрениў жумыслары болса кеңнен додаланбақта.

Хабарлар ким тәрепинен тарқатылғанын анықлаў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы және Ишки ислер министрлигиниң жуўапкер шахслары тәрепинен «Makan.uz», «kruz.uz», «kar24.uz» сайтының авторлары менен профилактикалық сәўбет өткерилген.

Бас прокуратурадан мәлим етиўинше, профилактикалық сәўбет ўақтында прокурор ямаса ишки ислер хызметкерлери тәрепинен журналистлерге ҳеш қандай  басым өткерилмеген.

Ҳәзирги күнде бул жағдай бойынша Қарақалпақстан  Республикасы Ишки ислер министрлигинде сорастырыў жумыслары алып барылмақта.

 

ӨзА