Сораўға Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлиги мәлимлеме хызметиниң баслығы Қ.Бегматова төмендегише жуўап берди:

 

«Дәри-дәрмақларға баҳа белгилеўде көтере ҳәм усақлап сатыў  реализациясы ушын – сатып алынған баҳасынан 15% тен артық болмаған, усақлап сатыў реализациясы ушын – көтере баҳасынан 20% тен артық болмаған муғдарда әмелге асырылыўы белгиленген. Бул ҳаққында Президенттиң 2016-жыл 31-октябрьдеги 2647-санлы «Халықты дәри-дәрмақлық затлар менен тәмийинлеўди буннан былай да жақсылаў илажлары ҳаққында»ғы қарарында көрсетип өтилген.

 

Сондай-ақ, сырттан алып келинетуғын ҳәм жергиликли ислеп шығарыўшылардан сатып алынатуғын дәри-дәрмақлық затлар ҳәм медициналық буйымларды көтере сатыў оларды жеткерип бериўге қатнасатуғын тәреплердиң санына қарамастан, усақлап сатыў баҳасынан 20 проценттен артық болмаған муғдарда белгиленеди», – деп айтып өтти Қ.Бегматова.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.