Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң инспекторлары тәрепинен Шымбай районында көп жыллық тереклерди анықлаў ҳәм үйрениў жумыслары әмелге асырылды. Бул ҳаққында комитет баспасөз хызмети хабар берди.

 

Үйрениў жумыслары нәтийжесинде райондағы «Гүжим», «Бахытлы», «Қостерек» АПЖ аймақларында бир әсирден көп ўақыттан берли өмир сүрип киятырған 8 түп гүжим тереги анықланған. Бул көп жыллық тереклер мәмлекетлик қадағалаўға алынып, район ҳәкимлиги тәрепинен бул тереклер «Миллий тәбият естелиги» деп баҳаланған.

Мағлыўмат ушын, гүжим Қарақалпақстанда өсетуғын көп жыллық тереклердиң кең тарқалған түрлериниң бири болып табылады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.