2020-жыл 16-июль саат 10:00 жағдайына бола, Өзбекстанда коронавирус инфекциясы анықланғанлардың саны 14787ни қурамақта.

Бул ҳаққында xs.uz сайты хабар берди.

Жаңа кеселлениў жағдайларының 53и Карантин орайындағы (ҳәммеси сырт елден келген) пуқаралар арасында, 101 и Ташкент қаласында дене температурасы көтерилгени себепли профилактикалық мақсетте ҳәм коронавирусқа шалынған наўқаслар менен қарым-қатнаста болғаны себепли үлги алынған пуқаралар арасында, 35 и Сурхандәрья ўәлаятында, 17 си Қарақалпақстан Республикасында коронавирусқа шалынған наўқаслар менен қарым-қатнаста болғаны себепли үлги алынған пуқаралар арасында анықланған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги