Сораў: Стикер-рухсатнама берилген автомашина алмасқанда (сатылғанда, бузылып қалған ямаса жарамсыз жағдайға келип қалғанда ҳәм тағы басқа) стикер-рухсатнамасында дизимге алынған автотранспорт қуралының маркасы ҳәм мәмлекетлик номери жазыўларына ким тәрепинен өзгерис киргизиледи?

Санжар АБДУЛЛАЕВ, Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Ташкент қалалық басқармасының баслығы:

– Өзбекстан Республикасына коронавирустың кирип келиўи ҳәм тарқалыўының алдын алыў бойынша илажлар бағдарламасын таярлаў бойынша Республикалық арнаўлы комиссияның қарарына тийкарланып 10-июльден 1-августқа шекем мәмлекет көлеминде автотранспорт қуралының ҳәрекети қайта шекленди.

Онда, автотранспорт қуралының ҳәрекетлениўи ушын алдын берилген арнаўлы рухсатнамалар (стикер) карантин шеклеўлериниң әмел етиў дәўиринде қолланылыўы белгиленди.

Мәмлекетлик хызметлер орайлары тәрепинен арнаўлы рухсатнамалар бериў Республикалық арнаўлы комиссияның 2020-жыл 30-марттағы мәжилис протоколы менен тастыйықланған тәртипке тийкарланып әмелге асырылады.

Тәртипте арнаўлы рухсатнама берилген автотранспорт қуралының өзгериўи мүнәсибети менен оларды қайта рәсмийлестириў нәзерде тутылмаған.

Буннан тысқары, Республикалық арнаўлы комиссияның 2020-жыл 8-апрельдеги мәжилис протоколына тийкарланып автотранспорт қуралларына арнаўлы рухсатнама бериў 9-апрельден тоқтатылған.

Ҳәр бир голограммалы арнаўлы рухсатнама Бирден-бир интерактив  мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы айрықша уникал номер менен рәсмийлестирилген ҳәм оған киргизилген мағлыўматларға Мәмлекетлик хызметлер орайлары тәрепинен өзгерислер киргизиўдиң техникалық имканияты жоқ екенлигин мағлыўмат орнында айтыў керек.

 

ӨзА