Әмиўдәрья районында «Медиапарк» ЖШЖның районлық филиалының ашылыў мәресими болып өтти.

Онда район ҳәкиминиң орынбасарлары, нуранийлер ҳәм мәҳәлле турғынлары қатнасты. Жойбардың қурылыс ислерине 10 млрд сум қаржы ажыратылған болып, онда халықтың күнделикли турмысы ушын зәрүр болған барлық түрдеги сапалы ҳәм арзан баҳадағы буйымлар, техника өнимлери менен тәмийинлениўи нәзерде тутылған.

Ашылыў мәресиминде сөзге шыққанлар исбилермен «Медиапарк» ЖШЖ директоры Мырза Улуғбек Холназаровтың жумысларында табыслар тиледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги