Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Бирлескен Араб Әмирликлери Президенти Шайх Муҳаммад Ол Наҳаянның мирәт етиўине бола 13-январь күни рәсмий сапар менен усы мәмлекетке келди.

Абу-Даби халықаралық аэропортында мәмлекетимиз басшысын Бирлескен Араб Әмирликлери вице-президенти  Шайх Мансур Ол Наҳаян ҳәм басқа да рәсмий адамлар күтип алды.

Жоқары мәртебели мийманның ҳүрметине ҳүрметли қараўыл сап тартты, еки елдиң мәмлекетлик байрақлары көтерилди.

Сапардың бағдарламасына муўапық 14-январь күни Өзбекстан Республикасы Президенти «Абу-Даби турақлы раўажланыў ҳәптелиги» халықаралық саммитине қатнасады.

БАӘниң жетекши шөлкемлери, компания ҳәм банклериниң басшылары менен ушырасыў да режелестирлиген.

15-январь күни жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер болып өтеди.

ӨзА