Ҳуқықый мүнәсибет

Ендигиден былай зорлық-зомбылықтан жәбирленген ҳаял-қызлар my.gov.uz порталы арқалы «Қорғаў ордери»н алыўға онлайн арза тапсырыўы мүмкин.

Негизинде кимлер «Қорғаў ордери»н алыўы мүмкин болады? Мүрәжатлер қалай көрип шығылады?

Ташкент мәмлекетлик юридикалық университети Юридикалық клиникасының хызметкери И.Туев бул бойынша түсиник берди:

– «Қорғаў ордери» мүрәжати профилактика инспекторына усынылған ўақыттан баслап 24 саат ишинде көрип шығылады. Қорғаў ордери зорлық ислеген пуқараға бир қатар шеклеўлер қояды. «Қорғаў ордери»н зорлыққа ушыраған ҳаял-қызлар, жас өспиримлер алыўы мүмкин. Онда ишки ислер бөлимлери (ИИБ), мәҳәлле пуқаралар жыйыны, ҳаял-қызлар мәселелери бойынша комиссия ҳәм район (қала)лық прокуратурасына мүрәжат етиўи мүмкин.

Мүрәжат арза жазыў арқалы ямаса аўыз-еки тапсырылыўы мүмкин. Жәбирлениўши ямаса оның жақын туўысқанлары, нызамлы ўәкиллери Өзбекстан Республикасының Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы, соның ишинде, m6.g9v.7z арқалы онлайн мүрәжат етиўи мүмкин.

Профилактика инспекторы ишки ислер уйымлары нәўбетшилик бөлимлери тәрепинен усынылған ямаса БИМПХ арқалы келип түскен мүрәжатлер ҳәм хабарларды 24 саат даўамында үйренип шығады. Қорғаў ордери 30 күнге бериледи ҳәм берилген күннен баслап күшке киреди.

Гулноза Бобоева, ӨзА