Министрлер Кабинети жанындағы Санитариялық-эпидемиологиялық қадағалаў мәмлекетлик инспекциясының баслығы, Республикалық бас мәмлекетлик санитария инспекторы Нурмат Отабековтың коронавирусқа шалынған наўқасларда кеселликтен кейинги белгилер қандай өтетуғыны ҳаққында мағлыўмат берди, деп жазады xs.uz  сайты.

Емленген адамлар ушын коронавирустың ақыбетлери бир неше факторларға байланыслы: инсанның иммунитети ҳәм жуқпалы кеселликлер.

Саўалғаннан кейин бир неше ҳәпте даўамында төмендеги белгилер ушырасыўы мүмкин:

  • тез жүриў, текшеге шығыўда ямаса физикалық жақтан шаршағанда дем алыў жолларының қысылыўы;
  • температурасыз ҳәм қурғақ жөтел;
  • жуқпалы кеселликлердиң күшейиўи.

Соның ушын емленгеннен кейин имунитетти күшейтиўге, витаминлерге бай азық-аўқат өнимлеринен пайдаланыўға, күнде бир неше рет дем алыў гимнастикасын орынлаўға ҳәм ханаларды турақлы түрде самаллатып турыўға әҳмийет бериў керек», деди Отабеков.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги