Исбилерменлер ҳәрекети-Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы Елликқала районлық Кеңесиниң белсендиси, «Boston Grand Trader» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң баслығы Илҳам Туребаев, районлық Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлиминиң баслығы Ф.Ибадуллаев тәрепинен «Ибн-Сино» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы кем тәмийинленген, бағыўшысынан айрылған бес шаңараққа қозылы қой тапсырылды.

Бүгинги карантин шараятында жәрдемге мүтәж шаңарақларды қоллап-қуўатлаў бойынша шөлкемлестирилген «Сақаўат ҳәм жәрдем» улыўма халықлық ҳәрекети Исбилерменлер ҳәрекети-Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы белсендилери, исбилерменлер, қайыр-сақаўатлы инсанлар тәрепинен қоллап-қуўатланбақта.  Әлбетте, пандемия шараятында бир-биримизди қоллап-қуўатлаў арқалы ҳәзирги ўақытша қыйыншылықларды жеңип шығамыз.

Жас исбилермен Илҳам Төребаев өзи жасайтуғын аймақтағы шаңарақларға мүриўбет жәрдемин көрсетип келмекте. Бес шаңараққа қозылы қой, соның менен бирге, және бир шаңараққа бир миллион сум пул тапсырылды. Бундай қайырқомлық илажлары даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги