Республикалық арнаўлы комиссияның тийисли қарарларына муўапық, «жасыл» категориядағы аймақларда төмендегилерге рухсат бериледи:

 

– автомашиналарды жуўыў шақапшаларының жумыслары, автомобильлер, аўыл хожалығы ҳәм қурылыс техникаларына техникалық хызмет (сервис) көрсетиўши шөлкемлердиң жумысларына;

 

– автомобильлерге аўысық бөлеклер сатыў;

 

– объектлерде қурылыс, реконструкциялаў ҳәм оңлаў жумысларын әмелге асырыў;

 

– физикалық тәреплердиң жеке тәртиптеги қурылыс ҳәм оңлаў жумысларын әмелге асырыўы;

 

– өнерментшилик, турмыслық үскенелер ҳәм электрон қурылмаларды оңлаў устаханаларының жумыслары;

 

– аяқ-кийим оңлаў устаханалары;

 

– жедел түрде аўқат таярлаў орынларының жумыслары (жеткерип бериў ҳәм алып кетиў ушын);

 

– парк ҳәм дем алыў бағларының жумыслары (аттракцион ҳәм кеўил ашар объектлердиң жумыслары буған кирмейди);

 

– азық-аўқатлық емес өнимлердиң көтере ҳәм усақлап сатыў саўда дүканларының жумыслары;

 

–  зергерлик ҳәм гүл сатыў дүканларының жумыслары;

 

– тигиўшилик цехларының жумыслары;

 

– жөнелиссиз таксилерде жолаўшы тасыў – буның ушын транспорт қуралы салонында басқарыўшының орынлығы жолаўшылардың орынлығынан реңсиз пластик ямаса арнаўлы плёнка менен тосылған, басқарыўшы ҳәм жолаўшы медициналық нықапта болғанда, сондай-ақ, жолаўшыларды автотранспорт қуралы салонының артқы орнына өткерилгенде тек ғана өз аймағы бойлап ҳәрекетлениўге рухсат бериледи;

 

– жеткерип бериў хызмети;

 

– автотранспорт қураллары (стикерсиз), мототранспорт (скутер) ҳәм велосипедлердиң ҳәрекети;

 

– азық-аўқатлық саўда дүканларының жумыслары;

 

– қурылыс материаллары базарларының жумыслары; өнермент ҳәм усталар, олар тәрепинен исленген буйымларды базар дүканларынан тысқары өз алдына жайласқан орында (дүкан) сатыў;

 

– туқым ҳәм нәл жетистириў және оларды сатыў жумыслары;

 

– коммерциялық банклердиң объектлердеги шақапшалары (кассалары)ның жумыслары;

 

– химиялық тазалаў менен шуғылланатуғын исбилерменлик субъектлериниң жумыслары;

 

– нотариаллық кеңселер, адвокатура ҳәм қамсызландырыў шөлкемлериниң жумыслары;

 

– аўыл хожалығы өнимлерин топлаў, орынларға жеткериў ҳәм сатыў; шарўашылық, терини қайта ислеў кәрханаларының жумыслары;

 

– саўда комплекслериниң жумысларына (аттракцион, кеўил ашар, аўқатланыў бөлимлери, кинотеатр ҳәм ойын майданшаларының жумыслары буған кирмейди) социаллық аралықты сақлаған ҳалда;

 

– шаштәрезхана ҳәм гөззаллық салонларының жумыслары – бунда хызмет көрсетиўши адамлар тәрепинен жеке қорғаныў қураллары – медициналық халат ямаса комбинезон, медициналық нықап (N 95 ямаса 2 дана әпиўайы нықап), жүзди толық тосып туратуғын қорғаныў нықабы ҳәм медициналық қолғаплардан пайдаланған ҳалда «1 хызмет көрсетиўши адам – 1 қарыйдарға» принципи тийкарында социаллық аралықты сақлаған ҳалда ислеўге рухсат бериледи;

 

– мәмлекетлик уйымлардың хызметкерлерин толық жумысқа шақырыў;

 

– мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде физикалық және юридикалық тәреплердиң ўәкиллерин қабыллаў;

 

– көп этажлы турақ жайлардың алды тәрепинде ҳәм ишки ҳәўли аймақларында социаллық аралықты сақлаған ҳәм нықап таққан ҳалда сейил етиў;

 

– мүлкшилик түрине қарамастан медициналық мәкемелердиң жумыслары;

 

– өзин-өзи жекелеў турмыс тәризи (65 жастан жоқары болған адамлар ушын) усыныс етиледи.

 

2020-жыл 5-июньнан баслап «жасыл» аймақларда төмендегилерге рухсат берилди:

 

– мийманханалар, санаторийлар, пансионатлар, балалар дем алыў орайлары (лагерьлер), мийман үйлери, пляжлар, басқа дем алыў орынлары ҳәм орналастырыў қуралларының жумысларына (хостельлер буған кирмейди);

 

– үй мийманханалары ҳәм салық уйымларында дизимге алынған дала ҳәўлилердиң (дачалар) жумысларына (тек ғана шаңарақлық мийманларға хызмет көрсетиў ушын);

 

– мийманханалар, санаторийлар, пансионатлар, балалар дем алыў орайлары (лагерьлер), мийман үйлери, пляжлар, басқа дем алыў орынларында жайласқан және ашық ҳаўада хызмет көрсетиўши улыўмалық аўқатланыў объектлериниң (ресторан, кафе, асхана, чайхана) жумысларына;

 

– индивидуаллық шуғылланыў ушын тренажёр заллары ҳәм бассейнлердиң жумысларына.

 

Бунда тренажёр заллары ҳәм бассейнлер объектлериниң турақлы түрде дезинфекцияланыўы, олардың кирип-шығыў орынларын пирометрлер, антисептик затлар ҳәм дезинфекциялық «төсек»лер менен тәмийинлеў, хызметкерлердиң медициналық нықап ҳәм медициналық қолғаплардан пайдаланыўы, социаллық аралықты сақлаўы, сондай-ақ, ҳәр бир пуқараның дене температурасын өлшеп, 37°С ҳәм оннан жоқары болған, инфекциялық белгилери болған жағдайда және медициналық нықапта болмаған жағдайларда киргизбеў илажларын көриў, социаллық аралықты тәмийинлеў имканияты болмаған жәмәәтлик спорт түрлерин өткермеў талап етиледи;

 

– мәденият объектлериниң (театрлар) жумысларына, индивидуаллық ҳәм жәмәәтлик репитициялар өткериў шәрти менен (30 адамнан көп болмаған), тамашагөйлер ҳәм келип көриўшилерге рухсат бермеген ҳалда, спектакльлерди онлайн режимде ямаса телевидение арқалы трансляция етиў жолы менен;

 

– билимлендириў орайлары, дөгереклердиң (10 адамнан көп болмаған топар шөлкемлестирип, ўақтын алдын ала келискен ҳалда) жумысларына.

 

Бунда хызметкерлер ҳәм балалардың денсаўлығын турақлы түрде қадағалап барыў (дене температурасын турақлы өлшеп турыў), инфекциялық белгилери болған хызметкерлер ҳәм балаларды шынығыўлардан шетлетиў, сондай-ақ, санитариялық-гигиеналық ҳәм дезинфекциялық талапларға қатаң түрде әмел етиў талап етиледи;

 

Диний шөлкемлердиң жумысларына рухсат берилди:

 

Бунда диний шөлкемлер имаратларының турақлы түрде дезинфекцияланыўы, оларға кирип-шығыў орынларын пирометрлер, антисептик затлар ҳәм дезинфекциялық «төсек»лер менен тәмийинлеў, хызметкерлердиң медициналық нықап ҳәм медициналық қолғаплардан пайдаланыўы, социаллық аралықты сақлаўы, соның ишинде, намаз ўақтында пуқаралардың ара қашықлығын 1,5 метр етип белгилеў (арнаўлы сызықлар жәрдеминде кетекшелерге ажыратқан ҳалда), сондай-ақ, ҳәр бир пуқараның дене температурасын өлшеп, 37°С ҳәм оннан жоқары болған, инфекциялық белгилери болған жағдайда және медициналық нықапта болмаған жағдайларда киргизбеў илажларын көриў, жәмәәтлик диний мәресимлерди (жума намазы ҳәм басқалар) өткермеў талап етиледи.

 

8-июньнан баслап «жасыл» аймақларда жумысларына рухсат берилген тараўлар ҳәм оларға қойылатуғын талаплар ҳаққында

 

Жәмийетлик транспортлардан автобуслардың жумыс алып барыўы

 

Республикалық арнаўлы комиссияның қарарына муўапық, 2020-жылдың 8-июнь сәнесинен баслап «сары» ҳәм «жасыл» аймақларда жәмийетлик транспортта қала (район) ҳәм қала әтирапындағы жөнелислер бойынша автобуслардың ҳәрекетлениўине рухсат бериледи.

 

«Дамас», микроавтобус ҳәм метрополитен хызметлерине болса рухсат берилмейди.

 

Жәмийетлик транспорттың жумысларын қайта тиклеўде төмендеги талапларға қатаң түрде әмел етиў талап етиледи:

 

– автокәрхана тәрепинен транспорт қуралын ҳәр бир қатнаў алдынан ҳәм соңғы бәндиргиде, сондай-ақ, автобус турыў орынларында толық дезинфекциялаў;

 

– транспорт басқарыўшыларды медициналық нықап ҳәм қолғаплар менен тәмийинлеў және оларды турақлы түрде өз ўақтында алмастырып барыў илажларын көриў;

 

– автобус салонына тек ғана медициналық нықаптағы жолаўшыларды киргизиў.

 

Транспорт министрлигиниң жуўапкер хызметкерлери усы талапларға әмел етилиўин қадағалайды.

 

Жолаўшылардан болса карантин талапларына қатаң түрде әмел етиў ҳәм социаллық аралықты сақлаў соралады. Жәмийетлик транспортта карантин талапларын бузыў тийисли ҳәкимшилик жуўапкершиликке себепши болады.

 

15-июньнан баслап «жасыл» аймақларда жумысларына рухсат берилетуғын тараўлар ҳәм оларға қойылатуғын талаплар ҳаққында

 

Улыўмалық аўқатланыў объектлери

 

Республикалық арнаўлы комиссияның қарарына муўапық, 2020-жыл 15-июньнан баслап «сары» ҳәм «жасыл» категориядағы аймақларда улыўмалық аўқатланыў объектлериниң жумысларына рухсат бериледи.

 

Соның менен бирге, улыўмалық аўқатланыў объектлериниң жумысларын шөлкемлестириўге қойылатуғын тийкарғы талаплар сыпатында төмендегилер белгилеп қойылды:

 

– банкетлер ҳәм басқа ғалабалық илажларды өткериўге жол қойылмайды;

– жумыслары 08:00 ден 23:00 ге шекем алып барылады;

– столлар аралығында 2 метрден кем болмаған социаллық аралықты тәмийинлеў;

– бир стол әтирапында 4 адамнан көп болмаған (10 адамнан көп болмаған бир шаңарақ ағзалары буған кирмейди) қарыйдарларды орналастырыў;

– хызметкерлердиң медициналық нықап ҳәм медициналық қолғапта болыўы;

– ҳәр бир қарыйдардан кейин стол ҳәм басқа үскенелердиң үстинги бөлимин дезинфекциялық затлар менен тазалаў.

 

Буйым базарлары

 

Республикалық арнаўлы комиссияның қарарына муўапық, 2020-жыл 15-июньнан баслап «сары» ҳәм «жасыл» категориядағы аймақларда буйым базарларының жумысларына рухсат бериледи.

 

Бунда буйым базарлары турақлы түрде дезинфекцияланыўы, олардың кирип-шығыў орынларын пирометрлер, антисептик затлар ҳәм дезинфекциялық «төсек»лер менен тәмийинлеў, сатыўшылар ҳәм қарыйдарлар медициналық нықап ҳәм медициналық қолғаплардан пайдаланыўы, социаллық аралықты сақлаўы, сондай-ақ, ҳәр бир пуқараның дене температурасын өлшеп, 37°С ҳәм оннан жоқары болған, инфекциялық белгилери болған жағдайда және медициналық нықапта болмаған жағдайларда буйым базарлары аймағына киргизбеў илажларын көриў талап етиледи.

 

Балалар бақшалары

 

2020-жыл 15-июньнан баслап «жасыл» ҳәм «сары» категориялардағы аймақларда тек ғана жеке меншик бақшалардың жумысларына рухсат бериледи.

 

Мәмлекетлик бақшалардың жумыслары болса Мектепке шекемги билимлендириў министрлигиниң кестеси тийкарында, 15-июньнан 1-июльға шекем басқышпа-басқыш жолға қойылады.

 

Бунда:

 

– мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде шынығыўларды 15 адамнан аслам болмаған топарларда шөлкемлестириў;

 

– мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң имаратларын турақлы түрде дезинфекциялаў, оларға кирип-шығыў орынларын пирометрлер, антисептик затлар ҳәм дезинфекциялық «төсек»лер менен тәмийинлеў;

 

– хызметкерлер медициналық нықап ҳәм медициналық қолғаплардан пайдаланыўы және социаллық аралықты сақлаўы;

 

– дене температурасы 37°С ҳәм оннан жоқары болған ямаса инфекциялық белгилери болған хызметкер ҳәм тәрбияланыўшыларды шынығыўларға киргизбеў илажларын көриў талап етиледи.

 

Автобус қатнаўлары

 

Республикалық арнаўлы комиссияның қарарына муўапық, 2020-жыл 15-июньнан баслап «сары» ҳәм «жасыл» категориядағы аймақларда аймақлар арасындағы автобус қатнаўларына рухсат бериледи.

 

Бунда тасыўшылардың жумыслары төмендеги талаплардан келип шыға отырып шөлкемлестириледи:

 

– транспорт қуралын жуўмақлаўшы жөнелис орнында дезинфекциялаў;

– автобус салонына тек ғана медициналық нықаплардағы жолаўшыларды киргизиў;

– транспорт басқарыўшыларды медициналық қолғап ҳәм медициналық нықаплар менен тәмийинлеў және олардың турақлы түрде өз ўақтында алмастырып барылыў илажларын көриў.

 

«Жасыл» аймақларда өз күшинде қалатуғын карантин талаплары қандай?

 

Өзбекстан бойынша барлық аймақларда олардың категориясына қарамастан төмендеги карантин талаплары сақланып қалынады:

 

– жәмийетлик орынлар ҳәм исбилерменлик хызметлер объектлеринде социаллық аралықты (2 метр) сақлаў, үш адамнан көп топланбаў, пуқаралардың медициналық нықаптан және антисептик затлардан пайдаланыўы;

 

– билимлендириў мәкемелериниң (мектеп, лицей, колледж, техникум, институт, университет ҳәм басқалар) жумысларына рухсат берилмейди;

 

– кеўил ашар объектлер – түнги клублар, дискотека, спа ҳәм массаж салонлары, караоке, бильярд заллары, шылым (кальян) ҳәм компьютер ойынлары орайларының жумысларына жол қоймаў;

 

– концерт, кинотеатр ҳәм спорт илажларын (профессионал футбол клублары оқыў шынығыўлары ҳәм Өзбекстан профессионал футбол лигасының чемпионатлары буған кирмейди) өткермеў;

 

– жәмийетлик транспортлардың ҳәрекетине рухсат берилмейди;

 

– дийқан, қурылыс базарлары, азық-аўқатлық ҳәм азық-аўқатлық емес саўда орынларының (супермаркет ҳәм басқа үлкен дүканлар) кирип-шығыў орынларын пирометрлер ҳәм антисептик затлар менен тәмийинлеў және ҳәр бир пуқараның дене температурасын өлшеп, 37°С ҳәм оннан жоқары болған жағдайда, усы комплекслерге киргизбеў илажларын көриў;

 

– барлық шөлкемлердиң кирип-шығыў орынларын пирометрлер, антисептик затлар ҳәм дезинфекциялық «төсек»лер менен тәмийинлеў және хызметкерлер тәрепинен социаллық аралықты (2 метр) сақлаған ҳалда жумыс алып барыўын тәмийинлеў;

 

– қурылыс-оңлаў жумысларында объектлердиң аймағы толық карантинге алыныўы ҳәм аймақлық санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайлары менен биргеликте объектлерде санитариялық-гигиеналық илажлардың әмелге асырылып барылыўы. Бунда усы шөлкемлердиң жумыс алып барыў дәўиринде санитариялық ҳәм гигиеналық қағыйдаларға толық әмел етиў, өз жумысларын тек ғана тийисли объект аймағы шеңберинде шөлкемлестириў.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.