Музаффар Назаров, Мәмлекетлик салық комитети басқарма баслығының орынбасары:

Бундай жағдайда дәрамат салығы төленбейди. Салық кодексиниң 378-статьясына тийкарланып, физикалық тәреплерден мийрас ямаса саўға тәртибинде, сондай-ақ, бийпул алынған ақша ҳәм натура түриндеги дәраматлар физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығына тартылмайды.

Жақын ағайин болмаған шахслар арасындағы көшпес мүлк, автотранспорт қураллары, баҳалы қағазлар, юридикалық тәреплердиң устав қорларындағы (устав капиталларындағы) үлеслер буған кирмейди.

 

ӨзА