Илимпазлар онша қымбат емес препарат – Фамотидин COVID-19  кеселлигин емлеўде жәрдем беретуғынын анықлады. Атап өтилиўинше, бул дәри қуралын наўқаслықтың жеңил түрин басынан өткерип атырған, анығырағы, емлеўханаға алыныўы талап етилмейтуғын наўқасларға қолланыў мүмкин. Изертлеўшилердиң «Gut»  журналында басып шығарылған шешимлеринде бул ҳақққында сөз болады.

Тәжирийбеде қатнасып атырған, коронавирус инфекциясына ушыраған 10 наўқас шыпакерлердиң усынысы бойынша фамотидин қабыл еткен. Қәнигелер аўырыўдың бес тийкарғы белгиси-жөтел, қыйналып дем алыў, шаршаў, бас аўырыўы, дәм ҳәм ийис билиў қәбилетиниң жоғалыўы белгилери қандай түрде өзгериўин салыстырып шықты.

Әдетте, бул препарат күйиў жағдайларына қарсы пайдаланылады. Наўқаслардың айырымына препарат күнине үш мезгил-жәми 80 миллиграмм дозада берилген. Ҳәзирги емлеў усылы  5-21 күн даўамында орташа  11 күн даўам еткен.

Тәжирийбеден соң барлық 10 наўқас фамотидин қабыл етиўди баслағаннан кейин өзин жақсы сезе баслағанын атап өтти. Дәслепки суткадан кейин коронавирус белгилери көриниўи менен байланыслы улыўма жағдай унамлы тәрепке өзгерген.

Соның менен бирге, изертлеўшилер тийисли мағлыўматлар еле жетерли болмағанлығы себепли фамотидинниң нәтийжеси толық тастыйықланбағанын да атап өтти.

Бурын Файнштейн атындағы Медициналық изертлеўлер институтының президенти доктор Кевин Трейси фамотидинди коронавирусқа шалынған наўқасларды емлеў ушын клиникалық сынақтан өткериў процесси басланғанын билдирген еди. Сол ўақытта ол егер пайдасы сезилип атырған болса, бул препаратты барлық орында қолланыў мүмкин екенлигин, себеби бул дәри «универсал, арзан ҳәм көп» екенин де қосымша еткен.

 

ӨзА