МҮРИЎБЕТ

Өзбекстан мусылманлары мәкемеси жанындағы «Вақф» қайырқомлық жәмийетлик қоры Қарақалпақстан Республикасы аймақлық филиалы тәрепинен өткен шемби күни гезектеги қайырқомлық илажы өткерилди.

-Бул рет Нөкис қаласынан 420, Тахтакөпир, Қараөзек, Шымбай, Кегейли, Бозатаў, Нөкис, Хожели, Шоманай, Қоңырат, Қанлыкөл ҳәм Тақыятас районларының ҳәр биринен 80, жәми  1300 кем тәмийинленген, бағыўшысын жоғалтқан шаңараққа күнделикли зәрүрлик ушын керекли болған төрт атамадағы азық-аўқат өнимлери тарқатылмақта,-дейди «Вақф» қайырқомлық жәмийетлик қоры Қарақалпақстан Республикасы аймақлық филиалы баслығы ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшы Исламбек Тажетдинов.-Мақсетимиз бүгинги сынаўлы күнлерде жәрдемги мүтәж шаңарақларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, солай етип, бүгинги ўақытша қыйыншылықлардан биргеликте аўызбиршилик пенен шығысыўдан ибарат.

Усы күнниң өзинде жергиликли пуқаралар жыйынлары менен биргеликте азық-аўқат өнимлери Нөкис қаласы ҳәм районларға жеткерилип, тийисли шаңарақларға тарқатылды.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.