Мәлим етилиўинше, бакалавриат билимлендириў бағдарларының дизими ҳәм тест бойынша оларға муўапық келетуғын пәнлердиң комплекси Мәмлекетлик тест орайының рәсмий вебсайтында жәрияланады.

2020/2021 оқыў жылында абитуриентлер ушын тест блогындағы пәнлердиң қурамы ҳәм избе-излиги бирдей болған 3 билимлендириў бағдарын таңлаў имканияты сақлап қалынады.

Test 2020.uz сайтынан процессти онлайн бақлаў имканияты жаратылады.

 

Ёқуб МЕЛИБОЕВ (Суўрет), ӨзА