4-5-июньда Қазақстан аймағынан бийикликтеги төмен басымлы ағым өтиўи себепли Өзбекстан бойлап самалдың тезлиги секундына 17-22 метрге шекем күшейиўи күтилмекте. Бул ҳаққында «Өзгидромет» хабар берди.

 

Хабарда жазылыўынша, Қарақалпақстан, Хорезм, Бухара, Наўайы ўәлаятларының айрым районларында самалдың тезлиги секундына 23-28 метрге шекем жетиўи күтиледи.

 

Мағлыўмат ушын, ертең, 5-июнь күни Қарақалпақстанда ҳаўа бираз бултлы болады, айрым жерлерде өзгерип турады, жаўын-шашын болыўы күтилмейди. Шығыстан ескен самал бағдарын өзгертип, батыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айрым жерлерде 17-22 м/с қа шекем күшейеди, базы ўақытларда 23-28 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин. Температура түнде 21-26 градус, күндиз 35-40 градус болыўы күтиледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.