Халыққа қолайлық жаратыў мақсетинде, Республикалық арнаўлы комиссияның қарарына муўапық, усы жылдың 22-май сәнесинен баслап «сары» ҳәм «жасыл» категорияға киргизилген аймақларда ашық сейил етиў орынлары, музей, көркем өнер галереяларының жумысларын жолға қойыўға рухсат бериледи.

 

Ойын орынлары ҳәм аўқатланыў шақапшалары буларға кирмейди.

 

Бунда коронавирус инфекциясының екинши толқынының алдын алыў мақсетинде усы жерлерге кириў орынларында мәжбүрий түрде барлық келиўшилердиң дене температурасы өлшенген ҳалда киргизилиўи (тепловизор ямаса пирометр), жеке қорғаныў қуралларында болыўы (нықап), сондай-ақ, келиўшилер 2 метрлик социаллық аралықты сақлаўы талап етиледи.

 

Сондай-ақ, усы орынларға келиўшилер үш адамнан көп болып топланыўының алдын алыў жумыслары сейил етиў, кеўилашар орынлары ҳәм музейлер басшылығының жуўапкершилигине жүклетиледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.