Президентимиздиң басламасы менен  қутлы Рамазан айында «Сақаўат ҳәм жәрдем» улыўма халықлық ҳәрекети шөлкемлестирилген болып, карантин дәўиринде азық-аўқат өнимлеринен қыйналып атырған, кем тәмийинленген, бағыўшысын жоғалтқан ҳәм жалғыз нуранийлерге Өзбекстан «Адолат» СДП Нөкис қалалық ҳәм Хожери районлық Кеңесине сайланған депутатлар өзлериниң қайырқомлық илажларын даўам етпекте.

Партияның Нөкис қалалық Кеңесиниң баслығы Р.Қудияров ҳәм Хожели районлық Кеңесиниң баслығы Б.Утамбетовтың мәлим етиўинше, депутат Сапура Исметова өткен ҳәптеде Нөкис қаласындағы «Дәрбент» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы 6 кем тәмийинленген шаңараққа жәми 3 млн. сумға шамалас күнделикли пайдаланыў ушын зәрүр болған 12 түрдеги азық-аўқат өнимлерин өз есабынан жеткерип берди.

Сондай-ақ, Халық депутатлары Хожели районлық Кеңесиниң депутаты, ҳәзирги күнде Хожели районы «Ecoline Root» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң баслығы болып ислеп атырған Низамаддинов Мансур өз есабынан Хожели районындағы «Кулаб» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасап атырған 20 кем тәмийинленген шаңарақларға азық-аўқат өнимлерин ҳәм зәрүр затлар ушын жәми 4 млн. нақ пул қаржыларын қайырқомлық есабында тарқатып шықты.

Мүбәрек Рамазан айында депутатларымыздың бийғәрез жәрдеми менен шөлкемлестирилген бундай саўаплы ҳәм ийгиликли ислерден «Дәрбент» ҳәм «Кулаб» мәҳәллесиниң халқы миннетдар болмақта.

бундай саўаплы ислер партияның басқа да белсендилери ҳәм депутатлары тәрепинен әмелге асырылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги