ОНЛАЙН ӘНЖУМАН

Усы жыл 20-май күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳәм Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының В.И.Романовский атындағы Математика институты тәрепинен «Математиканың заманагөй машқалалары» атамасында  республикалық илимий-әмелий онлайн конференция болып өтти.

Әнжуманды университет ректоры, профессор А.Реймов кирис сөз бенен ашты. Онда белгили математик илимпазлардан Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы В.И.Романовский атындағы Математика институтының директоры, Олий Мажлис Сенатының ағзасы, академик Ш.Аюпов, академик А.Садуллаев, профессор М.Ариповлар өзлериниң баянатлары менен қатнасты.

Атап өтилгениндей, соңғы жыллары Президентимиздиң басламасы менен елимиздиң илимий потенциалын арттырыў, илимди раўажландырыў бойынша бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылмақта.  Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 9-июльдеги «Математикалық билимди ҳәм илимди буннан былай да раўажландырыўды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының В.И.Романовский атындағы Математика институтының жумысын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ҳәм 2020-жыл 7-майдағы «Математика тараўында билим бериўдиң сапасын арттырыў ҳәм илимий-изленислерди раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарлары тараўды жаңа басқышқа алып шықты. Атап айтқанда, усы жыл 7-майдағы қарарда  Қарақалпақстан Республикасы, Бухара, Наманган, Самарқанд ҳәм Хорезм ўәлаятларында Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының В.И.Романовский атындағы Математика институтының аймақлық бөлимлерин шөлкемлестириў тастыйықланды. Әлбетте, жоқарыда атап өтилген қарарлар илимпазлар ушын кең имканиятлар есигин ашып берди, десек асыра айтқан болмаймыз. Сондай-ақ, жас математиклердиң өз қәбилетлерин жүзеге шығарыўында да айрықша әҳмийетке ийе.

Илаж барлық қатнасыўшылардың келешектеги илимий жумыслары ушын да жүдә пайдалы болды. Атап айтқанда, жас излениўшилер устаз-математиклердиң баянатларынан керекли мағлыўматларға ийе болып, үлкен тәжирийбе арттырды.

Онлайн форматта шөлкемлестирилген республикалық әнжуманға елимиздиң барлық аймақларынан жүзден аслам математик илимпаз ҳәм жас излениўши қатнасты.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы