«Сақаўат ҳәм жәрдем» улыўма халықлық ҳәрекети шеңберинде пайтахтымыздағы 2-санлы «Нәўбәҳәр» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы кем тәмийинленген ҳәм социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақларға қәўендер шөлкемлер ҳәм исбилерменлик субъектлери тәрепинен азық-аўқат өнимлери жеткерип берилмекте. 

–  Ҳәзирги күнде жыйын аймағында 1132 хожалық аўызбиршиликте жасамақта. Бүгинги коронавирус пандемиясына байланыслы аймақтағы кем тәмийинленген ҳәм жәрдемге мүтәж 268 шанараққа Арқа-Батыс әскерий округи, Миллий гвардия, Қалалық Кеңес депутатлары, Қарақалпақ мәмлекетлик университети, Нөкис каласы қәнигелестирилген қурылыс базары, “Темир жол дәрбент саўда” комплекси ҳам басқа да исбилерменлик субъектлери тәрепинен азық-аўқат өнимлери жеткерип берилди,-дейди жыйын баслығы Б.Калилаев. – Буннан басқа да Нөкис қаласы ҳәкимлиги тәрепинен 53 хожалыққа баклажан, помидор ҳам бурыш нәллери тарқатылған болса, Нөкис қаласы Бәнтликке көмеклесиў орайы тәрепинен 5 шаңараққа бийпул ыссыхана қурып берилди. Әҳмийетлиси карантин дәўиринде жумыссыз отырған 55 пуқара абаданластырыў мәкемесине жәмийетлик тийкарда жумысқа орналастырылды.

Әлбетте, бул илажлар бүгингидей сынаўлы күнлерде халықтың  жәрдемге мүтәж қатламларын қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында жүргизилип атырған жумыслардың әмелий көриниси болып табылады.

А.Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги