Кеше, 13-май күни Президент Шавкат Мирзиёев басшылығында өткерилген видеоселектор жыйналысында мәмлекетимиз басшысы тәрепинен төмендегилер атап өтилди:

 

– Дүнья жәмийетшилиги коронавирусқа қарсы вакцина ҳәм емлейтуғын дәриниң еле табылмағаны себепли усы инфекция болған шараятта жасаў және жумыс ислеўге үйрениў зәрүрлиги ҳаққында жуўмақлаўшы шешимге келмекте.

Биз де эпидемиологиялық жағдайдың дизгинин беккем услаған ҳалда, карантин талапларын жумсартыўды басладық ҳәм буны басқышпа-басқыш даўам еттиремиз.

Буны ең алды менен, экономикалық активликти тиклеў арқалы, халықтың жумыс ислеўи ҳәм дәрамат алыўын тәмийинлеў мақсетинде әмелге асырып атырмыз.

Бул бағдарда өзимиздеги ҳақыйқый аўҳал ҳәм халықаралық тәжирийбени кең түрде үйренип атырмыз. Дәслепки анализлеримизге муўапық, қай жерде ҳәкимлер барлық жуўапкершиликти өзине алып, терең ойлап, адамлар менен кеңесип, жумыс алып барып атырған болса, сол жерде жақсы нәтийже болмақта, – деп айтып өтти Президент.

 

Соның менен бирге, карантин шеклеўлериниң еле толық жуўмақланбағанын да қосымша етти:

 

– Айырым жерлерде берилген еркинликти надурыс түсинип, халық, әсиресе, жаслар ҳеш қандай зәрүрликсиз көшелерди толтырып жүргени бақланбақта.

Бундай жағдайлар және соңғы күнлерде инфекция жуқтырғанлар санының көбейип атырғаны ҳәммемизди сергекликке шақырмақта.

Улыўма коронавирус қәўпи жоқ болғаннан кейин де халқымыз карантин ўақтындағы айырым қағыйдаларды өзлериниң әдеттеги турмыс тәризине айландырыўы керек. Атап айтқанда, жеке гигиенаға қатаң әмел етиў, қолды тез-тезден сабынлап жуўыў, дезинфекциялаў, ҳәр қыйлы той-мерекелерди оғада шекленген қурамда өткериў, жуқпалы кеселликке шалынса нықап тағыў әдеттеги қағыйдаға айланыўы керек.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.