«Мениң пикирим» жәмийетлик мүрәжатлар порталына «Инглис тилинде эфирге узатылатуғын жаңа телеканалды шөлкемлестириў ҳаққында»ғы петиция жайластырылды, деп хабар бермекте xs.uz .

«Тек жас келешек әўлад емес, сондай-ақ, пүткил халқымыздың инглис тилин билиў дәрежесин және де арттырыў мақсетинде мәмлекет тәрепинен ямаса мәмлекетлик шерикшилик тийкарында барлық бағдарлама ҳәм жойбарлары тек ғана инглис тилинде эфирге узатылатуғын жаңа телеканал ашыўды усыныс етемен», делинеди петицияда.

Атап өтилиўинше, бүгинги санлы экономика ҳәм глобалласыў процеси – ҳәр қандай кәсип ийесинен тараўды раўажландырыўда сырт ел тәжирийбесинен пайдаланыў ушын инглис тилин билиўди талап етпекте.

«Статистикалық мағлыўматларға сүйенетуғын болсақ, бүгинги күнде интернеттеги мағлыўматлардың көпшилик бөлеги инглис тилинде басып шығарылған. Сондай-ақ, ҳәзирги карантин дәўиринде бул реформа оқыўшы ҳәм студент жаслар ушын мақсетке муўапық болар еди. Жоқарыда келтирилгенлерди есапқа алған алған ҳалда, инглис тилинде эфирге узатылатуғын жаңа телеканалды шөлкемлестириўди усыныс етемиз», делинеди мүрәжатта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги