2020-жыл 14-май саат 9:00 жағдайы бойынша Қарақалпақстан Республикасында коронавирус инфекциясына шалынған наўқаслар улыўма 120 адамды қурады. Бул ҳаққында ҚР ДСМ хабар берди.

 

Соннан улыўма емленип шыққанлар 110 адам болып, ҳәзирги ўақытта 10 наўқас Республикалық жуқпалы кеселликлер емлеўханасында емленбекте.

 

Хабарда жазылыўынша, емленип атырған барлық наўқаслар басқа ўәлаятлардың турғынлары болып есапланады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги