Кеше, 13-май күни Президент Шавкат Мирзиёев басшылығында өткерилген видеоселектор жыйналысында аймақлардың Ташкент қаласы менен транспорт байланысларын тиклеў жобаластырылып атырғаны мәлим етилди.

 

Атап айтқанда, Ташкент қаласынан Нөкис, Үргениш, Термиз қалаларына авиарейслерди тиклеў, Самарқанд, Наўайы, Бухара, Қаршы қалаларына «Афросиёб» тез жүрер поезди және Ферғана ойпатына поезд қатнаўын қайта жолға қойыў жобаластырылмақта.

 

Сондай-ақ, қалалар ишинде жеке автомобильлердиң ҳәрекети бойынша шеклеўлерди бийкар етиў мәселеси үйренип шығылмақта.

 

Транспорт, Ишки ислер ҳәм Денсаўлықты сақлаў министрликлерине бул бойынша Республикалық арнаўлы комиссияға усыныс киргизиў ўазыйпасы жүклетилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги