Өзбекстан бойынша коронавирусқа қарсы гүресиў илажларына қатнасқан хызметкерлерге төленген суммалар бойынша ӨзР Қаржы министри Тимур Ишметов мағлыўмат жәриялады.

 

Мағлыўматта келтирилиўинше, Қарақалпақстан Республикасында Республикалық жуқпалы кеселликлер емлеўханасында коронавирусқа қарсы гүресиў илажларына қатнасқан 61 хызметкерге 14 күнлик жумыс ўақты ушын улыўма 1 229 миллион сум муғдарында 5 миллион сумнан 25 миллион сумға шекем арнаўлы хошаметлеў төлемлери төлеп берилген.

 

Соның менен бирге, Қарақалпақстан бойынша 511 медициналық, санитариялық-эпидемиологиялық ҳәм басқа хызметкерлердиң айлық лаўазымлық мийнет ҳақысына 6 процентлик муғдарда – улыўма 692 миллион сум муғдарында ҳәр күнлик қосымша төлем төленген.

 

Еслетип өтемиз, Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Коронавирус пандемиясы ҳәм глобаллық кризис жағдайларының экономика тармақларына унамсыз тәсирин жумсартыў бойынша биринши гезектеги илажлар ҳаққында»ғы пәрманына муўапық, медициналық, санитариялық-эпидемиологиялық ҳәм басқа хызметкерлер коронавирус инфекциясының тарқалыўына қарсы гүресиў илажларына қатнасатуғын ўақытта олардың айлық лаўазымлық мийнет ҳақысына 6 процентлик муғдарда ҳәр күнлик қосымша төлемлер белгиленген еди.

 

Сондай-ақ, Президенттиң қарары тийкарында коронавирус инфекциясынан зыянланған наўқаслар менен байланысқа кирисетуғын, зыянланған наўқаслар орналастырылған объектлерде және коронавирус инфекциясын анықлаў лабораторияларында жумыс алып барып атырған медициналық, санитариялық-эпидемиологиялық хызмет ҳәм басқа хызметкерлерге ҳәр 14 күнлик жумыс ўақты ушын төмендеги муғдарларда (салықлардан тысқары) арнаўлы қосымша хошаметлеў төлеми белгиленген еди:

 

– врач хызметкерлерге, врач-лаборантларға – 25 миллион сум;

– орта дәрежели хызметкерлерге, мийирбийке-лаборантларға – 15 миллион сум;

– киши дәрежели медициналық хызметкерлерге – 10 миллион сум;

– басқа хызметкерлерге – 5 миллион сум.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.