Пүткил дүнья жүзи ҳәзирги ўақытта коронавирус себепли ҳәр қыйлы қыйыншылықларды басынан өткермекте. Елимиз усындай пайытта бир-бирине қол берип, аўызбиршилик үлгилерин көрсетип, «Сақаўат ҳәм жәрдем» улыўмахалықлық  ҳәрекети менен қыйын аўҳалға түскен инсанларға жәрдем қолын созбақта.

Күни кеше «Жаслар аўқамы»ның Нөкис қалалық Кеңеси ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы, исбилерменлер менен биргеликте екинши жер жүзилик урыс ветеранларынан, бағыўшысын жоғалтқан шаңарақлардан хабар алып, азық-аўқат өнимлерин тарқатты.

Усындай илажлар республикамыз бойлап даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.