Тахтакөпир районлық Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимине қараслы 3-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде «9-май-Еслеў ҳәм қәдирлеў күни» мүнәсибети менен «Мәртлик ҳеш қашан умытылмайды» сүрени астында руўхый-ағартыўшылық илажы болып өтти.

Оған Аўғанстан аймағында болып өткен әскерий ҳәрекетлерде қатнасқан ветеран-жаўынгерлер ҳәм мектеп жәмәәти қатнасты.

Кешеде сөзге шыққанлар Ўатан азатлығы, ҳәзиргидей тыныш ҳәм татыў күнлер ушын саўаш майданларында жанын пидә еткен ата-бабаларымызды, фронт артында пидайы мийнет еткен ўатанласларымызды еске алып, бүгингидей тыныш ҳәм абадан турмыстың қәдирине жетиўимиз ҳәм оннан нәтийжели пайдаланыўымыз кереклигин атап өтти.

Ушырасыў кешесинде ветеран-жаўынгерлерге мектеп жәмәәти тәрепинен таярланған саўғалары тапсырылып, илаж талантлы оқыўшылар тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен кеўилли даўам етти.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги