Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер  карантини аймақлық инспекциясы баслығының басшылығындағы жумысшы топар Әмиўдәрья, Беруний, Елликқала ҳәм Төрткүл районларындағы  агроном-инспекторлардың алып барып атырған жумысларын, бағ атызларын ҳәм зыянкеслерди анықлаў ушын орнатылған феромон  тутқышларды, сондай-ақ, аймақлардағы кластерлер ҳәм пахта тазалаў  пунктлерин карантин тексериўинен өткерди.

Илаж даўамында агрономлар дийқан-фермерлерге өнимди зыянлы   организмлерден қорғаўда тийкарғы әмел етиў қағыйдалары, сондай-ақ,  феромон тутқышларға түскен зыянкеслерге қарсы гүресиў илажларын сол  ўақыттың өзинде алып барыў зәрүрлиги бойынша мәсләҳәт берди.

Соның менен бирге, фумигаторлар тәрепинен Елликқала районы  Бостан кластер ЖШЖның 16000 м2 ашық майданында ызғар тазалаў  жумыслары алып барылды.

– Өнимлерди зыянкеслерден қорғаў мәмлекетлик әҳмийетке ийе мәселе есапланып, бул талаплар өз ўақтында орынланбаса, республикамыз  аўыл хожалығына үлкен материаллық зыян тийиўи мүмкин,-дейди  инспекцияның бас агрономы Дәрьябай Үббиниязов. – Өсимликлерди  қорғаўдың ең нәтийжели жолы бул – фитосанитарлық бақлаў болып есапланады. Атыздың белгиленген ўақытларда карантин тексериўинен  өткерилип барылыўы, өсимликтиң  зыянкеслери,  кеселликлери ҳәм жабайы  шөплердиң пайда болыўы, тарқалыўының алдын алыўға жәрдем береди.

Мәселен, ҳәзирги күнлерде мийўе ағашларына алма мийўехоры, шарқ мийўехоры зыянкеслерине қарсы қойылған феромон тутқышларда зыянкес анықланса, дәрҳал химиялық усылларда қарсы гүресиў илажларын  алып барыў зәрүр.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.