Бухарада шаңарақтағы келиспеўшилик бир инсанның өлими менен жуўмақланды. Бул ҳаққында ўәлаят прокуратурасы мәлим етпекте.

Хабар бериўинше, 2020-жыл 5-май күни Когон районы «Геофизика» МПЖ Қурылысшылар көшесинде жасаўшы пуқара Г.С. келини Д.А. менен жәнжеллескен. Жәнжел нәтийжесинде Д.А.ның басының шеп жағы ҳәм он жағының жоқарғы ағзаларына темир бөлеги менен бир неше рет урған. Жәбирленген Д.А.ны районлық медициналық бирлеспесине алып бараман дегенше жолда қайтыс болған.

Г.С. Когон қалалық ИИБға мүрәжат етип, усы жынаятты өзи ислегенин билдирип, айыбын тән алған.

Бул жағдай бойынша сол күни ўәлаят прокуратурасы тәрепинен Г.С.ға Өзбекстан Республикасы ЖКниң 97-статьясы 1-бөлими менен жынаят иси қозғатылып, ол ЖПКның 221-статьясы тәртибинде қолға алынған.

Ҳәзирги ўақытта дәслепки тергеў ҳәрекетлери ўәлаят прокуратурасының оғада аўыр жынаятларды тергеў бөлими тәрепинен алып барылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги