КҮННИҢ ЖАҢАЛЫҒЫ

Қорақалпоғистонда коронавирусдан тузалган 8 нафар фуқаро ва бир гуруҳ тиббиёт ходими реабилитацияга кузатилди

Усы жыл 2-май күни Жуқпалы кеселликлер емлеўханасында коронавирус инфекциясынан толық саўалып шыққан 8 пуқара ҳәм наўқасларды емлеўде мийнет еткен бир топар медицина хызметкерлери реабилитацияға жиберилди.

Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги қәнигелериниң атап өткениндей, саўалып шыққанлардың жетеўи Нөкис қаласынан, биреўи Мойнақ районынан болып, олардың барлығы коронавирусқа шалынғанлар менен сөйлесиў арқалы жуқтырған. Олардың ең үлкени 65, кишкенеси 12 жаста. Сондай-ақ, наўқасларға медициналық хызмет көрсеткен 9 шыпакер, 28 мийирбийке ҳәм 15 санитар хызметкердиң пидәкерлик мийнети айрықша атап өтилип, оларға миннетдаршылық билдирилди.

photo_2020-05-02_20-46-43.jpg

-Жәмәәтимиздиң пидәкерлик мийнетиниң арқасында саўалып шығып атырғанлардың саны артып бармақта,-дейди реаниматолог-инфекционист шыпакер Алишер Мадаминов.- Буның барлығы Президентимиздиң басламасы менен денсаўлықты сақлаў тараўын реформалаўға қаратылып атырған итибардың унамлы нәтийжеси болып табылады. Соның ишинде, бизиң жуқпалы кеселликлер емлеўханасы да заманагөй медициналық әсбап-үскенелер, керекли дәри-дәрмақлар менен тәмийинленген. Усының нәтийжесинде, Қарақалпақстан Республикасында коронавирусқа шалынған 109 наўқастан бүгинги күнге 70 пуқара толық саўалды. Қалған 37 наўқастың жағдайы жеңил, 2 наўқаста орташа аўыр болып табылады. Жақын күнлерде барлығы толық емленип шығады,-деген үмиттемиз.

photo_2020-05-02_20-46-52.jpg

-Денсаўлықты сақлаў хызметкерлериниң ҳәр бир наўқас пенен әлпайым қатнасы, емлердиң өз ўақтында әмелге асырылғанлығы нәтийжесинде бүгин реабилитацияға шығып атырмыз,-дейди емленип шыққан мойнақшы пуқара.-Коронавирусқа шалынған наўқасларды емлеўге жаратылған шараятлар ушын Президентимизге шексиз миннетдаршылық билдиремиз.

Республикалық жуқпалы кеселликлер емлеўханасынан саўалып шығып атырған пуқаралардың қуўаныш көз жаслары, билдирип атырған бундай тилеклери денсаўлықты сақлаў сақшыларының мийнетине берилген ылайықлы баҳа деп, ойлаймыз.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.