Шарўашылыққа қәнигелестирилген Бозатаў районында да «Пидайы жаслар» топары шөлкемлестирилди.

Президентимиздиң 2019-жылдың 27-декабрь күни Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы мектепте жаслар менен болған ушырасыўда атап өткениндей, быйылғы жылы жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатта кескин бурылыс жылы болады. Елимиз басшысының басламасы менен шарўашылыққа қәнигелестирилген Бозатаў районының қайта шөлкемлестирилиўи турғынларды, соның ишинде, жасларды айрықша қуўанышқа бөлемекте. Бүгинги күнде район аймағында кең көлемли қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары алып барылмақта. Соның ишинде, жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериўи, олардың келешекте бәркамал әўлад болып жетилисиўи ушын бир қатар мәдений-турмыслық ҳәм спорт объектлери қурылмақта.

Олардың турмысындағы ийгиликли басламалардың бири бул «Пидайы жаслар» топарының шөлкемлестирилиўи болды. Бул топарға 94 жас ағзалыққа қабыл етилип, барлығының бәнтлиги тәмийинленди. Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан республикалық кеңеси тәрепинен топар ағзаларына 11 миллион сумлық арнаўлы кийим, 3,5 миллион сумлық мийнет қуралы тапсырылды. Буннан руўхланған район жаслары 6 гектар жер майданына 10 мың түп мийўели терек нәлин егип, «Жаслар бағы»н жаратыўға киристи. Сол күнниң өзинде 2,5 мың түп мийўе нәли егилди.

photo_2020-03-28_14-49-57.jpg

Пидайы жаслардың ҳәр қандай басламасы елимиздиң гүллеп-раўажланыўына хызмет етеди. Солай екен, олардың бул ийгиликли ислери бәрше теңлеслерине үлги болып табылады.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.