Нөкис қаласындағы «Гөне қала» мәкан пуқаралар жыйынының баслығы Гүлинар Утемуратованың басламасы менен аймақ турғынларына мың дана медициналық нықап бийпул тарқатылды.

-Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң усы жыл 18-март күни мәҳәлле ҳәм шаңарақ мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилисиндеги коронавирус машқаласы бойынша гүллән халқымызға  мүрәжаты тийкарында халықтың санатиариялық-эпидемиологиялық тынышлығын ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеў, инфекция тарқалыўының алдын алыў мақсетинде кең көлемли үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта,-дейди мәкан пуқаралар жыйынының баслығы Гүлинар Утемуратова.-Әсиресе, кеўилашар объектлердиң, ғалабалық илажлардың, оқыў орынларының, мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң жумысы ўақытша тоқтатылған бир пайытта, аймақ турғынларының зәрүрлиги болмаса үйден шықпай, шаңарақларында болыўын үгит-нәсиятлаў айрықша әҳмийетке ийе.

Пуқараларымыздың өмири ҳәм саламатлығын сақлаў, оларды социаллық қорғаў басламасына аймағымыздағы исбилерменлерди кеңнен тартқан ҳалда  қайырқомлық акциясын өткериўди мақул көрдик. Бизиң бул басламамызды «Тумарис» тигиўшилик цехының баслығы Зухра Даўимова бириншилерден болып қоллап-қуўатлап, мың дана медициналық нықапты бийпул таярлап берди. Бул нықаплар биринши гезекте майыплығы болған шахсларға, жәрдемге мүтәж шаңарақларға, кекселерге тарқатылмақта. Буннан тысқары, исбилерменлеримиз халыққа азық-аўқатлық өнимлери, санитария-гигиеналық қураллар ҳәм материаллық қайырқомлық жәрдем көрсетиў тилегин билдирмекте. Әлбетте, бундай басламалар менен бүгинги күнги ўақтыншалық қыйыншылықларды жеңип шығамыз,-деген үмиттемиз.

–Көзи әззилерге берилген төрт қабатлы турақ жайда 45 хожалық жасаймыз,-дейди Қәдирбай Сапарниязов.-Бундай сынақ күнлеринде бизлерди қоллап-қуўатлап атырған мәкан пуқаралар жыйынының баслығына, қайырқом исбилерменлеримизге шексиз миннетдаршылық билдиремиз.

Аймақта бундай қайырқомлық акциясы даўам етпекте.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.