26-марттан баслап «Индийское кино», «Дом Кино», «Disney», «Euronews» ҳәм «Discovery Channel» телеканаллары ашық режимде тарқатылмақта.

Өзбекстан Республикасында коронавирус инфекциясы тарқалыўының алдын алыў мақсетинде енгизилген карантин шараятында үйде ямаса изоляцияда болғанларға қосымша қолайлықлар жаратыў мақсетинде Мәлимлеме жумыслары ҳәм мағлыўматлар узатыўды жетилистириў және нәтийжелилигин арттырыў бойынша мәкемелер аралық муўапықластырыў комиссиясының тапсырмасына муўапық, Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги тәрепинен мәмлекетте коронавирус пенен байланыслы эпидемиологиялық жағдай турақлы жағдайға жеткенге шекем «Индийское кино», «Дом Кино», «Disney», «Euronews» ҳәм «Discovery Channel» телеканаллары ашық режимде тарқатылады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.