Бул сораўға Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Мәлимлеме хызметиниң басшысы Шерзод Аҳматов жуўап берди:

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Коронавирус инфекциясы тарқалыўына қарсы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына муўапық Өзбекстанда 24-марттан баслап пуқаралар интернет ҳәм телефон байланысы ушын төлемлерди өз ўақтында әмелге асырмаған жағдайда да 2 ай даўамында байланыс өширилиўине жол қойылмайды.

Бул мәмлекетимизде коронавирус пенен байланыслы жағдайда халықты қоллап-қуўатлаў илажлары менен түсиндириледи.

 

ӨзА