Ҳәр жылы усы ўақытта журналиcтлер ушын өткерилетуғын «Алтын қәлем» таңлаўы жәрияланар еди.

Усы жылда оннан негедур хабар болмады.

Усы сораўға Өзбекстан журналистлер аўқамы баслығының орынбасары Холмурод Салимовтиң жуўап бериўинше, «Коронавирус пандемиясы себепли мәмлекетимизде карантин енгизилиўи мүнәсибети менен «Алтын қәлем» миллий сыйлығы ушын халықаралық таңлаў өткерилетуғынын жәриялаў тоқтатылып турыпты.»

Қашан бул таңлаў болатуғынлығы ҳаққында болса ҳәзирше анық мағлыўмат жоқ.

«Таңлаўды өткериў бойынша жаңалық болыўы менен биз аўқамның сайты ҳәм социаллық тармақлардағы бетлерде мәлим етемиз», деди Холмурод Салимов.

 

ӨзА