Инсан дуньяға келгеннен кейин бахытлы турмыс кешириўди қәлейди. Сол бахытқа ерисиў жолларын излейди, ол жолды биреўлер табады, биреўлер таппайды. Уллы ойшыл бабаларымыздың бири Ахмед Югнакий: «Билим менен бахыт жолы ашылар», ­ деп өзиниң баҳалы пикирин айтып кеткен. Бахытқа жетелеўши билимди алыўда китаптың орны айрықша. Китап инсанға өтмиш туўралы мағлыўмат берип ғана қоймастан, адамның турмыста өз орнын табыўына үлкен жәрдемин тийгизеди.

Бизге туўры жол көрсетиўши китапты қай ўакыттан баслап оқыўымыз керек? Қаншели китапты сүйип оқысақ, көп нәтийжелерге ерисиўге жетелейди. «Жаслықта алған билим тасқа ойылған нағыс сыяқлы» деп бийкарға айтылмаған. Жас ўақытта адамның мийи мағлыўматларды қабыл етиў ҳәм ядта сақлаўға жүдә қәбилетли болады .

Адамзаттың ойлап табыўшылығының бири қағаздың пайда болыўы менен китап болып шығарыў иси де жаратылды ҳәм раўажланып кетти. Китап ўақыт өтип ғәзийнеге айланды. Китапларда мыңлаған жыллар даўамында дөреткен ақылый ҳәм идеялық байлықлар топланған.

Бүгинги мәлимлеме технологиялар раўажланған дәўиринде адамға билим бериўши дереклер көп. Соған қарамастан китаптың орны айрықша. Оқыўшы әдебий-публицистикалық китапларды оқыў менен бирге, өзиниң кәсибине байланыслы китапларды да үйрениў керек. Адам жеке қызығыўшылығына қарай мысалы, хожалық жумысларын жүргизиў, кесте тоқыў, аўқат писириў шеберлиги ҳәм басқа да китапларды оқыўы керек. Буның нәтийжесинде адамда көнликпелер қәлиплесип, ақылый ҳәм физикалық раўажланыўы артады. Китап оқыўдың мәниси усы екен деп көзине көринген китапты, қағазды оқый бериў ақылға туўры келмейди. Сонлықтан китап оқыўға, пайдаланыўға қызығыўшылық жас ўақыттан баслап, ата-аналар, мектеп муғаллимлери, ҳәттеки  бақша тәрбияшылары тәрепинен жолға қойылыўы керек. Бул ўазыйпаларды атқарыўда китапханалардың хызмети айрықша. Жас әўладты миллий қәдириятлар руўхында тәрбиялаўда китаптың уллы күш екенлигин белгилеп, ҳүкимет тәрепинен ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилди. Атап айтқанда, Президентимиз тәрепинен «Китап өнимлерин басып шығарыў ҳәм тарқатыў системасын раўажландырыў, китап оқыў ҳәм китапқумарлық мәдениятын жетилистириў ҳәм үгит-нәсиятлаў бойынша комиссия дүзиў ҳаққында»ғы бейлиги қабыл етилди. Бийликте жаслардың интеллектуал санасын арттырыўға қаратылған әдебий, мәдений, илимий әдебиятларды басып шығарыў, сондай-ақ, оқыў орынларын китаплар менен тәмийенлеў, миллий ҳәм жәҳән әдебияты дүрданалары менен таныстырыў бойынша әмелге асырылыўы керек илажлар көрсетилген. Усы бийликтиң орынланыўы бойынша Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы Мәлимлеме ресурс орайы тәрепинен нәтийжели жумыслар алып бармақта. Ҳәзирги ўақытта китапхана фонды жаңа әдебий китаплар менен бирге, илимий, илимий-методикалық қолланбалар менен байытылмақта.

Студент жасларымыздың китап болған ықласы жоқары, китапханадан керекли әдебиятларды пайдаланып, олардан нәтийжели пайдаланбақта. Әлбетте, жасларымыз усындай имканиятлардан толық пайдаланса, келешекте жетик кадр болып жетилисиўине жәрдем берери анық.

                                                                                                 Н.ГЕНЖЕБАЕВА,

ӨзМКӨМИ Нөкис филиалы

Мәлимлеме ресурс орайы китапханашысы.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.