Өзбекстан Республикасы Президентиниң басшылығында 2020-жыл 27-февраль күни «Аймақларда исбилерменликти раўажландырыў арқалы кәмбағаллықты азайтыў илажлары»на бағышлап өткерилген видеоселектор мәжилиси протоколының 20-бәнтиниң орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги тәрепинен Мәмлекетлик емес шөлкемлер арасында «Ең жақсы қәсипке таярлаў оқыў бағдарламасы» сүрени астында таңлаў өткериледи.

Таңлаўда мийнет базарында талап жоқары болған кәсиплерге ҳәм исбилерменликке оқытыўға қәнигелескен мәмлекетлик емес шөлкемлер қатнасыўы мүмкин.

Шөлкемлестирилетуғын оқыў курслары қысқа мүддетли (2 айдан 3 айға шекем) белгиленеди.

Таңлаўда қатнаспақшы болған мәмлекетлик емес шөлкемлерде усы жылдың 31-март күнинен шекем:

  1. Шөлкемлестириўшилик ҳуқықый ҳүжжетлер (кәрхананың мәмлекетлик дизимнен өткерилгенлиги, лицензияға ийе екенлиги)
  2. Оқыў методикалық ҳүжжетлер (қысқа мүддетли кәсипке оқытыў курсларына мөлшерленген оқыў режеси ҳәм бағдарламасы)
  3. Кәсипке оқытыў курслары ушын мөлшерленген заманагөй үскенелер менен тәмийнленгенлиги ҳаққындағы ҳүжжетлер менен Қарақалпақстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигине мүрәжат етиўи мүмкин.

Таңлаўда жеңимпаз болған мәмлекетлик емес шөлкемлерге кәсипке оқытыў курсларын шөлкемлестириў ушын Бәнтликке жәрдемлесиў мәмлекетлик қоры есабынан ГРАНТ ҚАРЖЫЛАРЫ ажыратылады.

Қосымша мағлыўматлар ушын телефон: 61 226-01-16, 61 222-70-84

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги