Академик Саидов Мухтар Сафарбаевич

Физикалық химия ҳәм ярымөткизгишлер физикасы тараўындағы белгили илимпаз, Өзбекстан Илимлер академиясының академиги Саидов Мухтар Сафарбаевич усы жыл 20-март күни 89 жасында қайтыс болды.

М.Саидов 1930-жыл 21-ноябрьде Қарақалпақстан Республикасының Маңғыт қаласында туўылды. 1951-жылы Хорезм мәмлекетлик педагогика институтын тамамлап, 1951-1954-жыллары Москва мәмлекетлик университети аспирантурасында оқыды. 1954-жылы кандидатлық,  1970-жылы докторлық диссертацияларын қорғады. 1984-жылы Өзбекстан Илимлер академиясының ҳақыйқый ағзасы етип сайланды.

М.Саидов өзиниң мийнет жолын 1954-жылы Хорезм мәмлекетлик педагогика институтында үлкен оқытыўшы сыпатында баслады. Кейин ала Самарқанд мәмлекетлик университетинде кафедра баслығы лаўазымында иследи. Мийнет жолы даўамында Илимлер академиясы Физика-техника институтында үлкен илимий хызметкер, лаборатория баслығы, директордың орынбасары, Электроника институтының директоры, Өзбекстан Илимлер академиясы президиумы Физика-математика бөлиминиң академик-хаткери, «Өзгелиотехника» орайының басшысы сыяқлы жуўапкер ўазыйпаларда жемисли мийнет етти.

Мийнеткеш илимпаздың ярымөткизгишлер технологиясы тараўының теориялық ҳәм әмелий мәселелерине бағышланған көплеген мақалалары, китаплары ҳәм монографиялары елимиз ҳәм сырт еллердиң илимий жәмийетшилигинде жақсы белгили. Оның бир қатар илимий қолланбалары экономикамыз тармақларында табыслы қолланылып келмекте.

Жанкүйер устаз, шебер педагогтың тиккелей басшылығында онлаған илим кандидатлары ҳәм илим докторлары таярланған.

Академик М.Саидовтың елимиз илимин раўажландырыў бағдарындағы хызметлери мәмлекетимиз тәрепинен мүнәсип баҳаланды. Ол «Өзбекстанда хызмет көрсеткен илим ғайраткери» ҳүрметли атағы, Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик сыйлығы менен сыйлықланған еди.

Белгили илимпаз, меҳрийбан устаз, кишипейил инсан Мухтар Саидовтың естелиги жүреклеримизде ҳәмийше сақланып қалады.

 

Ш.Мирзиёев, Т.Норбоева, Н.Исмоилов,

А.Арипов, М.Ерниязов, Б.Йўлдошев

ӨзА