2020-жыл 13-март күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кенгашиниң мәжилиси болып өтти.

Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева Кенгаш мәжилисин ашып, жоқары палата ағзаларының мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардағы қатнасыўын күшейтиў, олардың өз ўәкилликлеринен нәтийжели пайдаланыў бағдарындағы белсендилигин арттырыў мәселелерине тоқтап өтти.

Мәжилисте Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен алға қойылған бес әҳмийетли басламаны әмелиятқа енгизиў нәтийжелилигин арттырыў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, бул бағдарда мәмлекетимизде жаслардың дүньяға көзқарасы, руўхый дәрежеси ҳәм эстетикалық тәрбиясын арттырыў, денетәрбия ҳәм спортты ғалаба ен жайдырыў, халық арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, жаслардың заманагөй мәлимлеме технологиялары бойынша билим ҳәм көнликпелерин арттырыў, ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў, шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Бирақ усы жумысты муўапықластырыўшы бирден-бир системаның жоқ екенлиги, бул бағдарда ерисилген нәтийжелерди баҳалаў нормалары ислеп шығылмағанлығы, қалаберсе, нәтийжели қадағалаўдың жоқ екенлиги себепли бул бағдардағы жумысты жетилистириў талап етиледи. Соннан келип шыққан ҳалда Олий Мажлис Сенатының бес әҳмийетли басламасын әмелиятқа кеңнен енгизиў, бул бағдарда алып барылып атырған жумысларды системалы шөлкемлестириў ҳәм турақлы мониторинг орнатыў сыяқлы ўазыйпаларды өз алдына қойды.

Усы мақсетте ҳәм Сенаттың Ҳәрекетлер бағдарламасының мазмун-мәнисинен келип шыққан ҳалда Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен алға қойылған бес әҳмийетли басламаны әмелиятқа енгизиў нәтийжелилигин арттырыў концепциясы ҳәм онда белгиленген ўазыйпаларды орынлаў бойынша 2020-жылға мөлшерленген илажлардың бағдарламасы ислеп шығылды.

Концепцияда белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў ҳәм оларды муўапықластырыўға бир қатар министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары жуўапкер етип белгиленбекте. Олардың арасында бес әҳмийетли басламаның бир бағдары бойынша Республикалық таңлаўларды өткериў нәзерде тутылған.

Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги Өзбекстан жаслар аўқамы менен биргеликте ек ай мүддетте ҳәр бир аймақ бойынша жәмлеспеген жаслардың дизимин қәлиплестирип, мағлыўматлар базасын жаратыўы ҳәм бес әҳмийетли басламаның ҳәр бир бағдарына жуўапкер болған министрликлер, уйымларға усыныўы керек болады. Олий Мажлис Сенатының барлық комитетлерине жергиликли Кеңеслер менен биргеликте Концепцияда ҳәм Бағдарламада белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын қадағалап барыў, сондай-ақ, усы бағдарда әмелге асырылып атырған жумыслардың сын көзқарастан үйренилиўин, зәрүр жағдайларда әмелий жәрдем көрсетилиўин тәмийинлеў ўазыйпалары жүкленди. Буннан тысқары, ҳәр бир бағдар бойынша тийисли министрликлердиң есабатларын Сенаттың жалпы мәжилислеринде тыңлап барыў әмелиятын жолға қойыў керек екенлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, Кенгаш мәжилисинде Самарқанд ўәлаятын социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарында әмелге асырылған жумысларды үйрениў жуўмақлары көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, Олий Мажлис Сенатының Жергиликли ҳәкимият ўәкилликли уйымларының жумысын күшейтиўге жәрдемлесиўши комиссияның усынысына бола, Олий Мажлис Сенатының гезектеги жалпы мәжилисинде Самарқанд ўәлаятын социаллық-экономикалық раўажландырыў, халық депутатлары жергиликли Кеңеслериниң жумыс нәтийжелилигин арттырыў бағдарындағы жумыслар ҳаққында Самарқанд ўәлаяты ҳәкиминиң есабатын тыңлаў режелестирилген.

Усы мәселе шеңберинде жумысшы топар тәрепинен быйылғы жылдың 2-7-март күнлери Самарқанд ўәлаятын социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарында әмелге асырылған жумыслар үйренилди. Үйрениў жуўмақлары Сенаттың Жергиликли ҳәкимият ўәкилликли уйымларының жумысын күшейтиўге жәрдемлесиўши комиссиясы тәрепинен халық депутатлары Самарқанд ўәлаятлық Кеңесинде биргеликте көрип шығылыўы ҳәм анықланған машқалаларды сапластырыў илажлары ҳәм «жол карталары»ның ислеп шығылатуғыны нәзерде тутылған. Сенаттың жалпы мәжилисинде болса Самарқанд ўәлаятын социаллық-экономикалық раўажландырыўға байланыслы республика дәрежесинде шешилетуғын мәселе тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың басшыларының қатнасыўында додаланыўы мөлшерленген. Усы тәризде Сенаттың жумысында жаңадан әмелият енгизиледи.

Сенат Кенгаши мәжилисинде социаллық қорғаўға мүтәж ҳаял-қызлардың турмыс шараятларын жақсылаў ҳәм бул бағдардағы бар машқалаларды шешиў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың жағдайы ҳаққындағы мәселе де көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен аймақлардағы социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақлар, әсиресе, ҳаял-қызлардың турмыс шараятларын жақсылаў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыў, бар машқалаларды шешиў, онда мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң бирге ислесиўин күшейтиў бағдарында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын шөлкемлестириўге жәрдемлесиў – жоқары палата ағзалары алдында турған әҳмийетли ўазыйпалардан бири.

Социаллық қорғаўға мүтәж ҳаял-қызлардың турмыс шараятларын ҳәм бар машқалаларды үйрениў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Өзбекстан кәсиплик аўқамлар федерациясы менен биргеликте Сырдәрья, Жиззақ, Самарқанд, Наўайы, Қашқадәрья, Бухара ҳәм Хорезм ўәлаятлары ҳәкимликлериниң қатнасыўында ҳәр бир район (қала) бойынша аўыр социаллық жағдайдағы ҳаял-қызлардың турмысын жеңиллестириў бойынша мәнзилли «жол карталары»н ислеп шыққаны ҳәм тастыйықланғаны атап өтилди.

Мәжилисте ҳаял-қызлардың машқалаларын үйрениў ҳәм шешиў бойынша «Сырдәрья тәжирийбеси»н Қарақалпақстан Республикасы, Әндижан, Наманган, Сурхандәрья, Ташкент, Ферғана ўәлаятлары ҳәм Ташкент қаласында ғалаба ен жайдырыў илажларын көриў керек екенлиги атап өтилди. Буннан тысқары, бул бағдарда парламент ҳәм депутлардың қадағалаўын орнатыў зәрүр екенлиги де атап өтилди.

Мәжилисте усы мәселе бойынша басқа да әҳмийетли илажлар белгилеп алынды.

Сенат Кенгаши мәжилисинде Өзбекстан Республикасының айырым мәмлекетлердеги елшилерин тайынлаўға байланыслы мәселелер де көрип шығылды.

Додаланған барлық мәселелер бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.

 

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлис Сенатының

Мәлимлеме хызмети