USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Сийшемби, 7 Май

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

РЕФОРМАЛАРЫМЫЗДЫҢ НӘТИЙЖЕСИН ҲӘР БИР ИНСАН, ҲӘР БИР ШАҢАРАҚ ӨЗ ТУРМЫСЫНДА СЕЗИНИЎИ КЕРЕК

Бурын хабар етилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев орынларда әмелге асырылып атырған реформалардың барысы, ири жойбарлар менен танысыў, халық пенен пикирлесиў мақсетинде 12-13-март күнлери Хорезм ўәлаятында болды.

Сапардың екинши күни мәмлекетимиз басшысы Үргенш қаласында Хорезм ўәлаяты ҳәм районлар ҳәкимлери, жергиликли кеңеслердиң депутатлары, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң басшылары, исбилерменлер, зиялылардың қатнасыўында мәжилис өткерилди.

Халқымыздың турмысын буннан былай да жақсылаўға бағдарланған реформаларымызды адамлар менен пикирлесиў ҳәм мәсләҳәтлесиў тийкарында ислеп шығып атырмыз. Хорезмге де орынларда халықты қандай машқалалар тәшўишке салып атырғаны ҳаққында сәўбетлесиўге келдим. Соның ушын маған көбирек мәселе қойсаңыз нәтийже болады. Биз жалған, бәлентпәрўаз сөйлеп усы жағдайға келдик. Президентке жалған сөйлеў-Ўатанға қыянет, – деди Шавкат Мирзиёев.

Ўәлаяттың раўажланыў дәрежеси арқада қалып атырғаны көрсетип өтилди. Халықтың жан басына жалпы аймақлық өним республикалық көрсеткишден 1,5 есе, санаат өними ҳәм хызмет көрсетиў көлеми бойынша 2 есе төмен. Аймақта  58 мың шаңарақ кәмбағаллық босағасында күн көрмекте. Соннан 856сы оғада төмен жағдайда. Көплеген адамлар жумыс ислеў ушын сырт елге кеткен. Усылардың барлығынан келип шығып, Хорезмде 200 мың жумыс орнын жаратыў зәрүр.

Мәмлекетимиз басшысы халықты исбилерменликке тартқан ҳалда, жаңа кәрханалар ҳәм жумыс орынларын жаратыў, сол арқалы кәмбағаллықты қысқартыў тийкарғы мақсет екенин атап өтти.

Район ҳәм қалаларда исбилерменликти жедел раўажландырыў, банклерди  «жойбарлар фабрикасы»на айландырыў зәрүрлиги атап өтилди. 2,5 мың бос турған имаратлар тийкарында өндирис ҳәм хызмет көрсетиў объектлерин шөлкемлестириў, «Хазарасп» еркин экономикалық зонасын жаңа жойбарлар менен толықтырыў бойынша көрсетпелер берилди.

Аўыллық районларда пуллы хызмет көрсетиў Үргенш қаласына салыстырғанда 10-15 есеге төменлиги атап өтилип, ондай объектлерди кескин көбейтиў керек екенлиги белгиленди.

Мәжилисте Президентимиз Хорезм ўәлаятын раўажландырыўдың әҳмийетли бакғдарларын көрсетип өтти. Жақын үш жылда улыўма баҳасы 24 триллион сумлық 2 мың 736 инвестициялық жойбар әмелге асырылып, 50 мыңнан аслам жаңадан жумыс орнының жаратылыўы режелестирилген.

Хазарасптағы автомобиль заводында «Дамас» ҳәм «Лабо» микровэнлерин ислеп шығарыўдың локализациялаў дәрежесин 65 процентке жеткериў (ҳәзир 27 ҳәм 14 процент) бойынша жаңа жойбарлар әмелге асырылады.

Ўәлаятта келеси жылы пахтаны қайта ислеў дәрежесин 100 процентке, ийирилген жипти үш жылда бүгинги 35 проценттен 70 процентке жеткериў бойынша жаңа жойбарлар ислеп шығылады.

Малайзиялы инвесторлардың 250 миллион доллар инвестициясы есабынан жылына  63 мың тонна каустикалық сода ҳәм хлор ислеп шығаратуғын химия заводы көриледи.

Суўдан үнемли пайдаланыў, мийўе-овощ кластерлерин шөлкемлестириў, қаўын жетистириўде  «Хорезм сорты» брендин жаратып, қаўын жетистириў ҳәм экспорт етиўди көбейтиў бойынша тапсырма берилди.

Мәмлекетимиз басшысы миллий көркем өнеримизди кеңннен таратыў, сырт еллилерди елимизге тартыў мақсетинде Хорезмде лазги бойынша халықаралық фестиваль өткериўди усыныс етти. Бул басламаны хорезмлилер қанаатланыўшылық пенен қоллап-қуўатлады.

Президент Шавкат Мирзиёев Хорезм ўәлаятына алдын келгенинде Үргенш қаласында Жалаладдин Мангуберди мемориал бағын шөлкемлестириў бойынша көрсетпе берген еди. Соған муўапық жойбардың усынысы таярланып, бул гезектеги сапар ўақтында көрсетилди.

Президентимиз естеликтиң питпеген нусқасын көрди. Бул естелик саўлатлы болыўы, узақтан көзге тасланып турыўы зәрүрлигин атап өтти.

Бағ ушын мөлшерленип атырған майдан жуўапкерлер менен додаланды.

Жалаладдин Мангуберди – уллы сәркарда бабамыз, миллетиимиздиң мақтанышы. Оған бағышланған майдан соған жараса үлкен, мазмунлы болыўы керек. Бағ бойлап Мангубердиниң азатлық ушын гүресиўи, урыслары ҳаққында көринислер орнатылыўы зәрүр. Бул жерге келген адам тек ғана естеликти көрип қоймастан, өзине билим, күш-қүдирет алсын, туристлер тарийхымызды үйренсин, – Шавкат Мирзиёев.

Жойбарды қайтадан пуқта ислеп шығыў, транспорт ҳәрекети ушын қолайлықты есапқа алыў бойынша көрсетпелер берилди.

Мәмлекетимиз басшысының Хорезм ўәлаятына сапары жуўмақланды.

 

ӨзА