Қытайдың Москвадағы елшиси Чжан Ханхуэй коронавирус жасалма түрде жаратылмағаны ҳаққында мәлим етти. Елши бул ҳаққында бүгин, 24-февраль күни болып өткен баспасөз конференциясында атап өтти, деп жазбақта «Қалампир» басылымы.

Ҳәзирги ўақытта вирустың пайда болыўы ҳәм тарқалыўы менен байланыслы ҳәр қыйлы пикирлер бар. Булардың арасында вирус жасалма түрде жаратылғаны ҳаққындағы пикирлер де кең тарқалды. Қытай елшиси бул ҳаққындағы гәплердиң мыш-мыш екенлигин айтып өтти.

– Мен сизге бул вирус жасалма түрде жаратылмағаны ҳаққында анық айта аламан, – деген елши баспасөз конференциясында.

Мағлыўмат ушын, 2019-жыл 31-декабрь күни Қытай ҳүкимети Дүнья жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкемине мәмлекеттиң Ухань қаласында намәлим пневмониялық кеселлик пайда болғаны ҳаққында хабар берди. Қәнигелер кеселликтиң қоздырыўшысы жаңа коронавирус екенлигин анықлады. Дүнья жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеми эпидемияны халықаралық әҳмийетке ийе айрықша жағдай деп тән алды ҳәм усы кеселликке рәсмий «COVID-2019» атамасын берди.

Рәсмий мағлыўматларға қарағанда, усы кеселликке шалынғанлар саны 79 561 адамға жеткен. Вирус себепли 2616 адам қайтыс болды. 25 023 адам кеселликтен емленди. Дүнья жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң мағлыўматларына қарағанда, Қытайдан тысқары 28 мәмлекетте 1769 адамда кеселлик анықланған, олардың 17 си усы вирус себепли өмирден көз жумған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.