Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниң системаны реформалаў ҳәм раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилигин талқылаўға арналған гезектеги коллегия мәжилиси болып өтти. Оған министрликтиң хызметкерлери, қалалық ҳәм районлық халық билимлендириў бөлимлериниң баслықлары, мектеплердиң директорлары қатнасты.

Президентимиз Ш.Мирзиёев жас әўладтың билим алыўы ҳәм тәрбиясы ушын әҳмийетли болған халық билимлендириў системасын раўажландырыўға айрықша итибар қаратпақта. Елимиз басшысы өткен жылдың 27-декабрь күни Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы мектепте жаслар менен ушырасыўында, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисине жоллаған Мүрәжатында бул мәселени кең түрде талқылаған еди.

Дәслеп мәжилисте бир топар педагог хызметкерлерге «Халық билимлендириў ағласы» көкирек белгиси салтанатлы түрде тапсырылды. Жәми 32 муғаллим бәркамал әўладты камалға келтириўде, жасларды ўатансүйиўшилик ҳәм ғәрезсизлик идеяларына садықлық руўхында тәрбиялаўда пидәкерлик пенен мийнет еткенлиги ҳәм тараўдың раўажланыўына мүнәсип үлес қосқаны ушын усы көкирек белгисине ылайық көрилди.

Мәжилистиң күн тәртибиндеги мәселелер бойынша министр А.Аяпов халық билимлендириўи системасында 2019-жылда әмелге асырылған жумысларға ҳәм Ҳүрметли Президентимиздиң Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисине жоллаған Мүрәжатында белгилеп берилген ўазыйпалар бойынша 2020-жылда әмелге асырылатуғын илажларға тоқтап өтти. Соның менен бирге, мәжилисте билимлендириўди басқарыў ҳәм оның сапасын арттырыў, халықаралық баҳалаў изертлеўлеринде елимиздиң қатнасыўы мәселелери де талқыланды. Атап өтиў керек, 2021-жылда Өзбекстан биринши мәрте оқыўшылардың саўатлылығын баҳалаў халықаралық бағдарламасы – «PISA-2021»де қатнасады. Усы халықаралық изертлеўлерге таярлық көриў процесине де айрықша итибар қаратыў кереклиги айтып өтилди.

Илажда орынларда муғаллимлердиң өз үстинде ислеўине ҳәм тәжирийбесин арттырыўға итибар қаратылмай атырғаны, айырым районларда жоқары мағлыўматлы муғаллимлерди жумысқа тартыўда машқалалардың бар екенлиги атап өтилди. Қалалық ҳәм районлық халық билимлендириў бөлимлериниң басшыларына билим бериў дәрежеси төмен баҳаланған районлардың машқалаларын үйрениў ҳәм зәрүрли илажлар көриў бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды.

Сондай-ақ, мәжилисте өткен оқыў жылының жуўмағы бойынша билимлендириў сапасының мониторинги, пән олимпиадасында оқыўшылардың өзлестириўинде анықланған бослықларды толтырыў бойынша анық, нәтийжели усыллар ҳаққында мағлыўмат берилди. Атап айтқанда, муғаллимниң сабаққа пуқта таярлық көриўине ерисиў, билимлендириў процесинде мәлимлеме-коммуникация технологияларынан нәтийжели пайдаланыў, пән методикалық бирлеспелериниң ҳәм методика кеңеслериниң жумысын күшейтиў, жас педагогларға методикалық жәрдем бериўди жолға қойыў, Халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў орайы менен биргеликте методикалық хызмет көрсетиўдиң сапасын жақсылаў бағдарында бирге ислесиў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

Соның менен бирге, 2018-2019-оқыў жылының жуўмағында Қарақалпақстан Республикасындағы улыўма орта билим бериў мектеплери питкериўшилериниң жоқары оқыў орынларына кириў нәтийжелери сын көзқарастан талланды.

Мәжилис шеңберинде айырым районлардың билимлендириў бөлимлери баслықларының өз лаўазымларына ылайықлығы мәселеси көрилип, оларға интизамий жаза көриў тапсырмасы берилди. Сондай-ақ, билимлендириўдиң сапасын арттырыў, 2019-2020-оқыў жылында 11-класс питкериўшилериниң жоқары оқыў орынларына кириў көрсеткишлерин көтериў бойынша анық ўазыйпалар белгилеп берилди.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.