«Өзгидромет»тиң хабар бериўинше, 26-27-февраль күнлери Өзбекстан аймағына Волга бойы аймақлары (Астрахань) үстинде қәлиплескен ығал ҳәм суўық ҳаўа ағымлары кирип келеди.

26-27-февраль күнлери Өзбекстан бойлап ўақты-ўақты менен жаўын-шашын (жаўын, қар) бақланса, айырым жерлерде жаўын-шашын муғдары көп болыўы мүмкин.

Самалдың тезлиги күшейип, секундына 15-20 метрге шекем, қатты ескенде 23-28 метрге шекем жетеди.

Қарақалпақстан аймағында 26-февраль түнги ҳәм күндизги ўақытта 3-8 градус жыллы болыўы күтиледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.